УЕФА Чемпионлар лигасының 2020-2021-жылдағы мәўсими ушын арналған кестеси жәрияланды.  Турнир август айынан май айына шекем болып өтеди.

 

Квалификация (сайлап алыў):

 

Дәслепки басқыш – 8-11-август

Биринши сайлап алыў басқышы – 18-19-август

Екинши сайлап алыў басқышы – 25-26-август

Үшинши сайлап алыў басқышы – 15-16-сентябрь

Плей-офф – 22-30-сентябрь

 

Топарлық басқыш:

 

1-тур – 20-21-октябрь

2-тур – 27-28-октябрь

3-тур – 3-4-ноябрь

4-тур – 24-25-ноябрь

5-тур – 1-2-декабрь

6-тур – 8-9-декабрь

 

Плей-офф:

 

1/8 финал – 16-февраль, 17-март

1/4 финал – 6 апрель, 14-апрель

1/2 финал – 27-апрель, 5-май

 

Финал – 29-май (Стамбул).

 

Мағлыўмат ушын, быйылғы Чемпионлар лигасының шерек финалы 8-9-август күнлери өткериледи. Лиссабонда 12-августта 8 команда қатнасатуғын плей-офф форматындағы турнир өткерилиўи жобаластырылған. Ойынлар Хосе Алваладе ҳәм Этадио да Луш стадионларында тамашагөйлрсиз өткериледи.

 

«Пари Сен-Жермен», «Атлетико Мадрид», «Аталанта» ҳәм «РБ Лейпциг» командалары турнирдиң шерек финалына жетип келди.

 

Ал 1/8 финалдың қалған төрт ойынының жуўап ойынлары өткерилиўи керек. Булар: «Реал» – «Манчестер Сити» (1:2), «Челси» – «Бавария» (0:3), «Лион» – «Ювентус» (1:0), «Наполи» – «Барселона» (1:1).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.