Аралас жекпе-жек бойынша жеңил салмақта UFC чемпионы, россиялы Хабиб Нурмагомедовтың әкеси ҳәм тренери Абдулманап Нурмагомедов қайтыс болды.

 

Бул қайғылы хабарды Чеченстан басшысы Рамзан Кадыров жеткерди.

 

«Дослар, Абдулманап Нурмагомедов өмирден көз жумғаны ҳаққында қайғылы хабар келди. Пүткил чечен халқының атынан Абдулманап Магомедовтың шаңарағына терең қайғырыў менен кеўил айтаман! Ол өзинен ылайықлы әўлад қалдырып, арамыздан кетти!», – деп жазған Рамзан Кадыров.

 

Мағлыўмат ушын, Абдулманап Нурмагомедов 25-апрель күни пневмония менен емлеўханаға жатқарылған еди. Кейин ала Москвадағы емлеўханалардың бирине өткерилди. Инсульт болғаннан соң жүрегине операция исленип, комаға түскен. Жақында ғана Хабиб Нурмагомедов әкесиниң аўҳалы жақсыланып атырғаны ҳаққында мәлим еткен еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.