29-ию6ь – 1-июль күнлери АҚШтың  Аўғанстандағы жарасыў мәселелери бойынша арнаўлы ўәкили Залмай Халилзод ҳәм АҚШ Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясының бас атқарыўшы директоры Адам Бойлердиң Өзбекстанға сапары болып өтеди. Бул ҳаққында Сыртқы ислер министрлигиниң сайтында хабар берилди.

Сапар бағдарламасында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты, сыртқы ислер, инвестициялар ҳәм сыртқы саўда, экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрликлеринде еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериў нәзерде тутылған.

Болажақ ушырасыўлар даўамында Аўғанстандағы тынышлық сөйлесиўлериниң процесслерин қоллап-қуўатлаў мәселелери, Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў корпорациясы қаржыларын Өзбекстанда инвестиция жойбарларын әмелге асырыў ушын тартыў перспективалары додаланды.

АҚШ делегациясы 30-июнь күни видеоконференцбайланыс арқалы болып өтетуғын «Орайлық Азия-АҚШ» («С5+1») түриндеги министрлер ушырасыўында да қатнасады.

 

ӨзА