Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл
29-июнь күнги мағлыўматларына қарағанда, коронавирус инфекциясына шалынған пуқаралардың улыўма саны 151 ге жетти.
Соннан 141 наўқас кеселликтен толық емленип, реабилитацияға шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 10 наўқас емленбекте. Олардың алтаўы Нөкис қаласынан, екеўи басқа ўәлаятлардан (халықаралық жүк тасыўшы автотранспорт басқарыўшылары), және екеўи басқа мәмлекетлерден (халықаралық жүк тасыўшы автотранспорт басқарыўшылары).
Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.
Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 16 мың 224 пуқара 14 күнлик медициналық бақлаўға алынған. Олардан 15 мың 363 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 861 пуқара медициналық бақлаўға алынған. Соннан 92 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 769 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.
Мәмлекетимизге сырт еллерден кирип киятырған халықаралық ири жүк автотранспорт айдаўшыларында коронавирус инфекциясына тексериў даўам етпекте. Усы күнге шекем «Даўыт ата» шегара постынан өткен 5669 пуқара лабораториялық усылда тексерилген.
Карантин талапларын бузғанлығы ушын 13880 пуқараға ҳәкимшилик шара көрилген болса, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған. Бирақ соған қарамастан айырым пуқараларымыз бул жағдайларға итибарсызлық пенен қарамақта ҳәм карантин қағыйдаларын бузыўды даўам етип, өзлериниң ҳәм шаңарақ ағзаларының, жақынларының, әтираптағы басқа да барлық пуқаралардың өмирине қәўип туўдырмақта.
Бул кеселлик пенен аўырмаў ҳәм басқаларға жуқтырмаў, аймағымызды «жасыл» зонаға өткериў ушын ҳәр бир пуқара өзинде жекке жуўапкершиликти сезе билиўи, жеке гигиеналық қағыйдаларға әмел етиўи, зәрүрлик болмаса үйден шықпай басқалар менен қатнаста болыўды азайтыўы лазым.
Егер Сиз денсаўлығыңызда өзгерис сезсеңиз, кеселлик белгилери пайда болған болса тезлик пенен 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги