АҚШ мәмлекетлик хаткери Өзбекстанның мәжбүрий мийнетке қарсы алып барып атырған ис-ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

АҚШтың мәмлекетлик хаткери Майк Помпео адам саўдасы бойынша жыллық баянатын усынды.

Баянатта атап өтилиўинше, Орайлық Азияның айырым мәмлекетлериниң пахта санаатында ҳәм басқа да тараўларда адамларды мәжбүрий жумыс ислетиў бойынша узақ тарийхқа ийе.

Соның менен бирге автор бул машқалаға қарсы гүресиўде пүткил регионға үлги болып атырған Өзбекстанның ҳәрекетлерин жоқары баҳалады.

«Биз адам саўдасына оғада қатаң қараймыз ҳәм оған қарсы гүресиўди мәмлекет дәрежесинде қоллап-қуўатлаймыз. Бул иллетти сапластырыў ҳәр қандай мәмлекет алдында турған тийкарғы ўазыйпалардан бири болып есапланады: ҳуқықты бастырыў емес, қорғаў керек. Қурама Штатлар елеге шекем қуллықта болып турғанларды азат етиў жолындағы ҳәрекетти даўам еттире береди. Биз азат етилгенлердиң турымысын жолға қойыў ушын жәрдемлесемиз, оларды қыйнағанларды жазалаймыз», – деп атап өтти ол.

Баянат мәмлекет ҳәм аймақларда АҚШтың – Trafficking Victims Protection Act (TVPA) миллий нызамшылығын экстерриоториаллық қолланыўға тийкарланған үш категория бойынша қамтып алған.

Биринши категориядан Вашингтонның пикиринше, нызамсыз адам саўдасына қарсы белсене гүрес алып барып атырған мәмлекетлер орын алған. Екиншиге болса TVPAда сәўлеленген стандартларға толық жуўап бермейтуғын, бирақ зәрүр ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып атырған мәмлекетлер киреди. Үшинши категория «стандартларына толық жуўап бермей»туғын ҳәм ҳәрекетлери жағдайды дурыслаўға қаратылмаған мәмлекетлерден ибарат.

 

ӨзА