Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңеси (ТТМБК) Туризм министрлериниң V мәжилиси видеоконференция түринде болып өтти.

Усы онлайн ушырасыўда ТТМБК Бас хаткери Багдад Амреев, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Түркия мәденият ҳәм туризм министри Меҳмет Эрсой, сондай-ақ, кеңес қурамындағы басқа да мәмлекетлердиң туризм тараўының басшылары қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев  2019-жыл 14-сентябрь күни «Өзбекстан Республикасы тәрепинен Түркий тиллес мәмлекетлердиң бирге ислесиў кеңесиниң дүзилиўи ҳаққындағы Нахичеван келисимин ратификациялаў ҳаққында»ғы нызамға қол қойған еди. 2019-жыл 15-октябрь күни Әзербайжан Республикасының Баку қаласында болып өткен ТТМБК саммитинде Өзбекстан Республикасы толық ағза сыпатында қатнасты ҳәм илажда мәмлекетимиздиң басшысы қатнасты.

photo_2020-06-23_22-52-10.jpg

Видеоәнжуман қатнасыўшылары туризм тараўының «COVID-19» пандемиясы шараятындағы жағдайы, Кеңес мәмлекетлериниң туризм секторын жанландырыўға байланыслы тәжирийбеси, Түрк кеңесине ағза мәмлекетлер арасында туристлик алмасыўын тиклеўге байлыныслы илажлар ҳәм мәмлекетлердиң туристлик бағдарларын алға қойыўға қаратылған түрли жойбарлар ҳәм басламаларды додалады.

ТТМБК Бас хаткери Өзбекстан Республикасы басшылығына Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң туристлик қалалары бойлап таяр турпакетлер системасын нәзерде тутатуғын «Заманагөй Жипек жолы» жойбарына қатнасқаны ушын айрықша миннетдаршылық билдирди. Сондай-ақ, ол мәмлекетимиздиң бай тарийхый мәдений мийрасы ҳәм үлкен туристлик потенциалын атап өтип, көп тәреплеме туристлик жойбарларды раўажландырыўға түртки беретуғынына исеним билдирди.

– Өзбекстан өзиниң туризм тараўындағы бағдарлары ҳәм әййемги естеликлер менен дүньяға танылған, – деди Багдад Амреев. – Мәмлекет тәкирарланбас тарийхый мийрасқа ийе.

photo_2020-06-23_22-52-01.jpg

Азиз Абдуҳакимов қатнасыўшыларға Өзбекстанда туризм тараўын қоллап-қуўатлайтуғын илажлар ҳәм бағдарламалар ҳаққында айтып берди. Президентимиздиң  быйылғы жыл 28-майдағы «Коронавирус пандемиясының унамсыз тәсирин азайтыў ушын туризм тараўын қоллап-қуўатлаўға байланыслы кешиктирип болмайтуғын илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм «Туризм тараўын санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизликтиң күшейтилген режими талапларына қатаң әмел еткен ҳалда раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәниси менен  толық таныстырды.

– Бүгинги күнде эпидемиологиялық жақтан турақлы мәмлекетлердиң көпшилиги менен  пәрўазлар ҳәм туристлерди қабыллаўды тиклеўге байланыслы сөйлесиўлер басланған, – деди А.Абдуҳакимов. – Атап айтқанда, Япония, Корея Республикасы, Қытай ҳәм Израиль мәмлекетлери туристлик бизнестиң ўәкиллери зәрүр шөлкемлестириўшилик мәселелер ислеп шығылған жағдайда, жақын айларда өз туристлерин Өзбекстанға жибериўге таяр екенин билдирди.

«Uzbekistan. Safe travel guaranteed» қәўипсизлик системасы шеңберинде сырт ел туристлери мәмлекетимиз аймағындағы сапары даўамында коронавирус жуқтырып алған жағдайда, 3000 АҚШ доллары муғдарында компенсация төленеди. Олардың емлениўи қапланатуғыны, қалаберсе, ҳәр бир алып келинген сырт ел туристи ушын жергиликли туристлик компанияларға 15 АҚШ доллары муғдарында субсидия берилиўи және туризм тараўының субъектлери тәрепинен алынған кредитлер процент төлемлериниң субсидияланыўы, тийкарғы  қарыз төлем мүддети 1,5-2 жылға созылыўы, түрли салық жеңилликлериниң берилиўи ҳәм усы сыяқлы басқа басламалар әмелге  асырылып атырғанлығы да айтып өтилди.

photo_2020-06-23_22-52-18.jpg

Әнжуман қатнасыўшыларының итибарына «өз ўақтында уллы бабамыз Әбу Әли ибн Сина илимий тийкарланған «Фи тадбири ал-мусофирин» – «Саяхатшылар ушын илажлар» методикалық қолланбасында қәўипсиз сапарға байланыслы илажлар, санитариялық-гигиеналық қағыйдалар ҳаққында айтқаны ҳәм усы сыяқлы карантин режими және санитария қағыйдаларына тийкар салғаны» ҳақындағы баҳалы мағлыўматлар да усынылды.

Илаж қатнасыўшылары туризм тараўын тез тиклеўге байланыслы илажлар және тараўды  раўажландырыўда пайдаланылып атырған жаңа үскенелер, атап айтқанда, «Uzbekistan. Safe travel guaranteed» санитариялық-эпидемиологиялық қәўипсизлик системасы және Әндижан, Бухара ҳәм  Үргенш аэропортларында «Ашық аспан» режиминиң кеңейтилиўи, сондай-ақ, республика бойынша түрли туристлик зоналардың раўажланыў механизмлерин жоқары баҳалады.

photo_2020-06-23_22-51-58.jpg

Буннан тысқары, Бас министрдиң орынбасары туризмди санластырыўды жақсылаўға байланыслы жойбарды әмелге асырыў зәрүрлиги ҳаққында айтып өтти.

Сондай-ақ, Комитет басшысы 2020-жылы Хийўа қаласы түрк дүньясының мәдений пайтахты, деп жәрияланғанын да айрықша атап өтти.

Илаж соңына бола, Өзбекстан Республикасы басламасы ҳәм конференция қатнасыўшыларының қоллап-қуўатлаўы менен ТТМБК Туризм министрлериниң кейинги – VI мәжилисин 2021-жылы Өзбекстанда өткериўге байланыслы келисимге ерисилди.

photo_2020-06-23_22-52-31.jpg

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы