Бүгинги күнде заман талабы ҳәм жәмийетшиликтиң усынысына бола, республикамыздағы жоқары оқыў орынларында сыртқы (арнаўлы) ҳәм кешки оқыў түрлери де әмелге асырылады.
Президент Ш.Мирзиёев Устазлар ҳәм муғаллимлер күнине байланыслы шығып сөйлеген қутлықлаў сөзинде бүгинги күнде пүткил дүньяны қорқынышқа салып атырған терроризм ҳәм экстремизм қәўпиниң алдын алыўда тек билимлендириў ғана исенимли тирек бола алатуғынын айтып, Өзбекистанның 16 жоқары оқыў орнында кешки ҳәм арнаўлы сыртқы бөлимлердиң ашылатуғынын жәриялаған еди.
Солар қатары, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында да 2017-2018-оқыў жылы ушын арнаўлы сыртқы бөлимниң бакалавр тәлим бағдары бойынша оқыў шөлкемлестирилип, оған 2 мың 545 педагоглар ҳүжжет тапсырды. Ҳәзирги күнде арнаўлы сыртқы бөлимде «Педагогика ҳәм психология», «Баслаўыш тәлим ҳәм спорт тәрбиялық ис», «Мектепке шекемги тәлим», «Дефектология», «Музыкалық тәлим», «Мийнет тәлими», «Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы», «Дене мәденияты» бағдарлары бойынша 816 қәниге таярланбақта.
Оқыў юридикалық ҳәм физикалық шахслардың бир оқыў жылы ушын төлем – 2 миллион 220 мың сум төлеў жолы менен шәртнама тийкарында әмелге асырылады.
Келеси жылдың май айынан баслап сыртқы ҳәм кешки бөлимниң ашылыўы күтилмекте, бирақ қайсы жоқары оқыў орнында ҳәм қандай бағдарлар бойынша ашылыўы мәлим емес. Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети қарары тийкарында шөлкемлестирилетуғын Мәмлекетлик комиссия тәрепинен ғана бул мәселелер шешиледи, оның басшылығында ҳәммеси келисилген ҳалда бөлистириледи.
М.ПИРНАЗАРОВА,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.