Жоқары оқыў орынларында магистрантларға билим бериўдиң тийкарғы мақсети-тәжирийбели илимий-педагогикалық кадрларды таярлаўдан ибарат. Магистр терең билимге ийе, заманагөй мәлимлеме технологияларын толық меңгерген, илимий-педагогикалық жумыс алып барыўға таяр қәниге болып есапланады.

Усы жыл 22-июнь күни 2019-2020-оқыў жылында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң магистратура бѳлимин питкериўши магистрантлардың магистрлик диссертация жумысларын жақлаў басланды. Усы күни «Қарақалпақ әдебияты», «Журналистика» ҳәм «Лингвистика: қарақалпақ тили» қәнигеликлери магистрантлары магистрлик диссертация жумысларын табыслы жақлап шықты.

Жақлаў жумысы карантин қағыйдаларына толық бойсынған ҳалда, онлайн түрде әмелге асырылды. Яғный, Zoom технологияси арқалы видеоконференц байланыс түринде алып барылды.

Онда профессор-оқытыўшылар ҳәм илимий басшылар аралықтан қатнасып, магистрантлардың диссертация жумысларына ѳз пикир-усынысларын билдирди.

Быйыл Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин 24 қәнигелик бойынша 123 магистрант (33 и мәмлекетлик грант, 90 ы шәртнама тийкарында) пиктерип шығады.

ҚМУ магистрантларының магистрлик диссертация жумысларын жақлаўы нәтийжели даўам етпекте.

 

Айшолпан Оразымбетова,

Журналистика қәнигелигиниң магистранты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги