МҮРИЎБЕТ

Өзбекстан мусылманлары мәкемеси жанындағы «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы тәрепинен 10 пуқараға майыплар арбашасы, шын жетим 200 балаға азық-аўқат өнимлери тапсырылды.

-Ҳәзирги карантин илажлары даўамында майыплығы болған шахсларды, жетим-жесирлерди социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ийе,-дейди «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик қоры Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Исламбек Тажетдинов.-Усыны есапқа алған ҳалда Нөкис қаласынан 6, Тахтакөпир, Шымбай, Бозатаў ҳәм Мойнақ районларының ҳәр биринен 1 майыплығы болған шахсқа майыплық арабашасы тапсырылды. Буннан тысқары, барлық қала ҳәм районлардағы шын жетим 200 баланың ҳәр бирине 100 мың сумлық азық-аўқат өнимлери берилди.

Республикамыз аймағында бундай қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы