«Жасыл» аймақларда спорт объектлери ҳәм дөгереклерине рухсат берилди. Перзентлеримиз мәҳәлледеги жасалма қапламалы футбол майданында футбол ойнағанда аймақ инспекторы жәрийма салды. Усы дурыс па?
Сораўға ӨзР Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы О.Эшмаматов төмендегише жуўап берди:
– Егер футбол майданы санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға муўапық тийисли үскенелер менен тәмийинленбеген болса (дезинфекциялық «төсек», пирометр, антисептик затлар ҳәм т.б.), ойыннан алдын дезинфекциялық жумыслар алып барылмаған ҳәм аймақ инспекторы бул ҳаққында ескертилмегенде ойынды тоқтатыў ҳәм қадаған етиў мүмкин.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.