5-июньнан баслап «жасыл» аймақларда бассейнлердиң жумысларына рухсат берилген болып, бунда тек ғана сол аймақтағы спорт билимлендириў мәкемелериниң жас спортшылары шынығыўлар алып барыўы мүмкин. Бул ҳаққында ӨзР Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң баслығы О.Эшмаматов айтып өтти.
Саламатластырыў топарлары ҳәм халық ўәкиллерине болса қәўипсизлик көзқарасынан келип шыға отырып, ҳәзирше рухсат берилген жоқ.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.