USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ТУРАҚЛЫ РАЎАЖЛАНЫЎДЫ ТӘМИЙИНЛЕЎ ЖОЛЫНДАҒЫ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ДАЎАМ ЕТЕДИ

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев ҳәм БМШтың елимиздеги турақлы координаторы Хелена Фрейзер жақында қол қойылған БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер режеси шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелерин додалады.

Ҳәрекетлер режеси барлық, әсиресе, жәмийеттиң ең әззи ҳәм жәрдемге мүтәж қатламы ушын инсан потенциалын раўажландырыўға жәрдемлесиў мақсетинде миллий, регионаллық ҳәм глобал дәрежелерде БМШ системасы менен бирге ислесиў қатнасықларын тереңлестириўге ҳәм беккемлеўге қаратылған.

Өзбекстан БМШтың толық ағзасы, сондай-ақ, 2015-жыл сентябрьде БМШқа ағза барлық 193 мәмлекет тәрепинен қабыл етилген 2030-жылға шекемги дәўирде турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибине қол қойған тәреп сыпатында қәўипсиз ҳәм саламат планетада барлық адамлар ушын теңлик, раўажланыў, қәдир-қымбат ҳәм әдиллик орнатылатуғын тынышлыққа умтылыў бойынша глобал миннетлемени өз мойнына алады.

photo5422517643266600837.jpg

Ушырасыўда турақлы раўажланыў тараўындағы миллий мақсетлерге ерисиў, сондай-ақ, Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 75 жыллығын кеңнен белгилеў сыяқлы мәселелер додаланды.

2020-жылы БМШқа тийкар салынғанлығына 75 жыл толады. Бул юбилей жылына ҳәр тәреплеме қатнасқа садықлық белгиси сыпатында Өзбекстан ҳүкимети бул ҳәрекетлер режесин қабыл етеди.

– Бүгинги күнде дүньяда болып атырған ҳәдийселер, пандемияның биринши сабақлары, экономкиалық кризис сондай жуўмақ шығармақта, инсаният бул сынақлар алдында еле әззи, – деди Олий Мажлис Сенаты Баслығының биринши орынбасары С.Сафоев. – Бул дәўирде күшлерди, ҳәрекетлерди, имканиятларды бирлестириў талабы оғада үлкен. Бүгинги глобалласып атырған дүньяда барлық еллер, халықлар, жәмийетлер биргеликте, бир жағадан бас шығарып, жумыс алып барыўы зәрүр. Бул ўазыйпаны орынлайтуғын бирден-бир институт БМШ болып есапланады. Усы жылы шөлкемниң 75 жыллығы белгиленбекте. Өткен жыллар даўамында инсаният қандай жетискенликлерге ерискен болса, онда шөлкемниң орны әҳмийетли. Сонлықтан БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген мәкемелери менен бирге ислесиўди раўажландырыў жүдә зәрүр. Бирге ислесиўди жаңа дәрежеге көтериў бойынша ҳәрекетлер режеси (жол картасы) ислеп шығылды. «Жол картасы» 17 бағдарды өз ишине алады. Бул, сондай-ақ, мәмлекетимиз бсшысының сыртқы сиясий басламалары, регионаллық қәўипсизликти ҳәм турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған усынысларын өз ишине алады. Соның менен бирге ҳәзирги шараятта экономикалық турақлылықты тәмийинлеўге ҳәм оған ерисиўге қаратылған пикир-усыныслар алға қойылған. Социаллық қорғаў, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў тараўларында жаңа бағдарламаларды әмелге асырыў нәзерде тутылған. Бүгинги ушырасыўда бир айда бир мәрте БМШ ўәкиллери ҳәм тийисли шөлкемлер және уйымлар менен мине усы «Жол картасы»н әмелге асырыў бойынша исленип атырған жумысларды мониторинг ислеўге келисип алдық.

photo5422517643266600838.jpg

Ҳәрекетлер режеси ҳүкиметке барлық инсанлар, әсиресе, ең әззи ҳәм жәрдемге мүтәж адамлардың потенциалын раўажландырыўға жәрдемлесиў, тыныш, раўажланатуғын, турақлы ҳәм беккем дүнья жаратыў мақсетинде миллий, регионаллық және глобал дәрежелерде БМШ системасы менен бирге ислесиў қатнасықларын тереңлестириў ҳәм беккемлеў миннетлемесин жүклейди.

photo5422517643266600839.jpg

Ушырасыўда Хелена Фрейзер ханым буннан кейин де Өзбекстанның БМШ менен қатнасықлары теңлик ҳәм пайдалы шериклик тийкарында раўажланып баратуғынына исеним билдирди. Ҳәрекетлер режесин әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўге ҳәмийше таяр екенин және буны қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы