USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ОЛИЙ МАЖЛИС ҚАЙСЫ ТӘРЕПЛЕРИ МЕНЕН БАСҚА МӘМЛЕКЕТ ПАРЛАМЕНТЛЕРИНЕ ҮЛГИ БОЛА АЛАДЫ?

Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Олий Мажлис Сенаты, Парламентлераралық Аўқам, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары менен биргеликте видеоконференцбайланыс түринде халықаралық парламент форумы өткерилген еди.

Илаж «БМШтың Инсан ҳуқықлары кеңеси ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша комитети мысалында БМШтың устав ҳәм шәртнамалық уйымларының усынысларын әмелге асырыўда парламенттиң роли» темасына бағышланды.

Бундай форматтағы әнжуман халықаралық парламентлердиң бирге ислесиўиниң тарийхында биринши мәрте шөлкемлестирилгенлигин атап өтиў зәрүр. Оны Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары, Парламентлераралық аўқам Атқарыўшы комитети баслығының орынбасары Акмал Саидов алып барды.

Сөйлесиўде жергиликли ҳәм сырт ел парламентлериниң ағзалары, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, Швейцария (Женева), Саудия Арабстаны (Жидда), Япония (Токио), Қырғызстан (Бишкек), Польша (Варшава) сыяқлы сырт ел мәмлекетлериниң экспертлери онлайн тәризде қатнасты.

Халықаралық форумда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Нарбаева, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов, Парламентлераралық Аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг, БМШтың  Инсан хуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасы департаментиниң басшысы Жанни Магаззени, БМШтың Өзбекстандағы ўәкилханасының турақлы координаторы Хелена Фрейзер, ЕҚБШтың Өзбекстандағы жойбарларының координаторы Жон Макгрегор, сондай-ақ, халықаралық экспертлер шығып сөйледи.

Инсан ҳуқықларына әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм БМШтың устав және шәртнамалық уйымларының усынысларын әмелге асырыўды мониторинг етиўде нызамшылық уйымларының ўазыйпалары бойынша нәтийжели пикир алысылды. Атап айтқанда, мағлыўматларға бола, бундай усыныслардың 50 процентинде мәмлекетлик миллий нызамшылық базасы ҳәм ҳуқықты қолланыў әмелиятын жетилистириў нәзерде тутылған. Соның өзи де бул бағдарда парламент қандай роль атқарыўы зәрүр екенлигинен дәрек береди.

Илаж даўамында Өзбекстанның инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, парламентаризм, пуқаралық жәмийет, Олий Мажлис палаталарындағы адам саўдасы ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, ТРМға ерисиў сыяқлы бағдарлардағы миллий комиссияларды раўажландырыўға қосып атырған үлеси унамлы баҳаланды. Мәмлекетимиз коронавирус пандемиясына қарамай, халықаралық дәрежедеги көплеген әнжуманларда турақлы қатнасып атырғаны айрықша атап өтилди.

Мартин ЧУНГОНГ, Парламентлераралық Аўқамның Бас хаткери:

– Өзбекстан халықаралық парламентаризмди раўажландырыўға қандай үлес қосып атырғаны, қалаберсе, Олий Мажлис тәрепинен COVID-19 пандемиясының унамсыз ақыбетлерин азайтыў бойынша алып барылып атырған ҳәрекетлердиң гүўасы болып турыппыз.

Соңғы жылларда Өзбекстанда инсан ҳуқықлары тараўында түпкиликли реформалар әмелге асырылды. Соның ишинде, ерте турмыс қурыўдың алдын алыў, жаўызлыққа қарсы гүресиў ҳәм халықаралық усынысларды орынлаў бағдарында  исленип атырған жумыслар итибарға ылайық. Өзбекстан парламенти парламентлераралық Аўқамның жумысында тийкарғы орын ийелейтуғын идеяларды әмелге асырыўдың белгиси есапланады.

Мәмлекетиңиз бенен конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириў, парламентаризмниң ролин арттырыў, пуқаралық жәмийети, инсан ҳуқықлары қорғалыўының механизмлери ҳәм тийисли структуралардың потенциалын раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық тәжрийбени инабатқа алған ҳалда исеним ҳуқықы ҳәм ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў бойынша жумысты жетилистириўге жәрдем бериўге таяр екенлигимизди билдиремиз.

Хелена ФРЕЙЗЕР, БМШтың Өзбекстандағы турақлы координаторы:

– Өзбекстан парламенти менен бирге ислесиў шеңберинде, атап айтқанда, БМШтың инсан ҳуқықлары бойынша агентликлер усынысларына нызамларды үйлестириў бағдарында үлкен табысларға еристик. Онда Олий Мажлистиң роли салмақлы, әлбетте. Дыққатқа ылайық тәрепи, пандемия инсан ҳуқықларына байланыслы мәселелерди шешиўде пуқаралық жәмийет пенен байланысты беккемлеўде әҳмийетли роль атқарып атырған Өзбекстан парламентиниң жумысына  тәсир етпеди.

БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының усынысларын әмелге асырыў бойынша еки бағдар – тыныш митинглер ҳәм жыйналыслардың ҳуқықын тәмийинлеў ҳәм исеним еркинлигин ажыратып көрсетиў мүмкин. Биз Олий Мажлис пенен жоқарыда көрсетип өтилген мәселелер бойынша нызам жойбарын ислеп шығыўда бирге ислесиўге таярмыз.

Жон МАКГРЕГОР, ЕҚБШ жойбарларының координаторы:

– Соңғы жылларда Өзбекстан парламентиниң сезилерли табысларын тән алыў зәрүр, бул ЕҚБШ регионы ушын жақсы үлги болыўы мүмкин. Соңғы төрт жыл ишинде парламентти демократияластырыў бойынша алып барылып атырған реформалар ағза мәмлекетлердиң ең жақсы әмелияты сыпатында ҳақылы түрде көрип шығылыўы мүмкин.

Соңғы жылларда Олий Мажлис пенен бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди – бир қатар әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды. Мен Хелена Фрейзердиң инсан ҳуқықлары ҳаққындағы нызам жойбарларын ислеп шығыўда  қатнасыў бойынша усынысларын қолап-қуўатлайман.

Жанни МАГАЗЗЕНИ, БМШтың  Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының Универсал дәўирлик есабат бөлими баслығы:

– Дүнья жәмийетшилиги Өзбекстанды, ол жерле болып атырған өзгерислерди бақлап атыр. Мәмлекет парламенти де раўажланбақта, халықаралық шөлкемлер менен белсене бирге ислесип атыр. Өзбекстан БМШ ҳәм басқа халықаралық шөлкемлердиң инсан ҳуқықларын қоллап-қуўатлаў бойынша усыныслары және стандартларын буннан былай да алға қоятуғынына исенимим кәмил. Парламент ағзалары болса әне усы мақсетлерди әмелге асырыўда жетекши буўын есапланады.

Ришар КОМЕНДА, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқарғы комиссары басқармасының Орайлық Азия бойынша ўәкилханасының баслығы:

– Өзбекстанда инсан ҳуқықлары, атап айтқанда, нызамшылықты жетилистириў тараўында унамлы өзгерислер бақланбақта. БМШтың қыйнаў және қарым-қатнас ҳәм жазалаўдың аўыр, аяўсыз, адамгершиликке туўра келмейтуғын ямаса қәдирин кемситетуғын түрлерине қарсы конвенциясы, пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакт бойынша конструктивлик сөйлесиў өткерилди. Ҳүкимет усы бағдардағы илажларды әмелге асырыў бойынша ҳәрекетлер режесин ислеп шығыў бағдарында жумыслар алып барып атыр.

Марғуб САЛЕМ БУТ, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Инсан ҳуқықлары бойынша еркин турақлы комиссиясының атқарыўшы директоры:

– Бул илажда берилген презентациялар оғада үлкен әҳмийетке ийе. Бул инсан ҳуқықлары тараўында парламенттиң ролин беккемлеўге жақсы тәжирийбе болды. БМШ 22 жылдан берли инсан ҳуқықларын алға қойыў тараўында парламенттиң ролин арттырыўға айрықша итибар қаратып келмекте. Оғада әҳмийетли тәреплер қамтып алынған резолюцияның қабыл етилгени буған мысал болып есапланады.

Парламентлер ҳәм миллий, ҳәм халықаралық дәрежеде халықтың даўысын усынады. ИБШ да инсан ҳуқықлары тараўында жумыс ислеп атыр. Комиссия мәмлекетлердиң парламентлерин шәртнамалық уйымлардың усыныслары шеңберинде өз жумысларын әмелге асырыўға шақырады. Себеби олар миллий нызам жойбарларын тезлестириўде қосымша қурал және механизм есапланады. Бүгинги күнде Өзбекстан Олий Мажлиси бул бағдарда жетекши болып есапланады. Ол шәртнамалық уйымлардың усынысларын орынлаўда басқа мәмлекетлердиң парламентлерине ең жақсы үлги бола алады.

Георгий ТУГУШИ, БМШ ҳәм ЕҚБШның халықаралық эксперти:

– Инсан ҳуқықлары бойынша «Жол картасы» ҳәм стратегияны ислеп шығыўда қатнасыў имканиятын жаратып бергени ушын миннетдарман. Нызамшылық уйымлары инсан ҳуқықларын қорғаўда әҳмийетли роль атқарыўы керек. Өзбекстан парламенти инсан ҳуқықларын алға қойыў, шәртнамалық уйымлардың халықаралық стандартлары бойынша ҳәм усынысларын орынлаўда өз орнын көрсете алатуғынына исенемен.

Илаж даўамында қатнасыўшылар Өзбекстан Президентиниң парламент жумысын жетилистириў ҳәм оның жәмийеттеги ролин күшейтиўге қаратылған басламаларын қоллап-қуўатлады. Олий Мажлис тәрепинен кейинги жылларда ерисилген прогресс ЕҚБШ майданында ең жақсы әмелият бойынша үлги ҳәм көрсеткиш болып хызмет етиўи мүмкин.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы