Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 15-марттағы жыйналысының протоколына муўапық, 16-март күнинен 31-март күнине шекем улыўма орта ҳәм мектептен тыс билимлендириў мәкемелериниң оқыўшыларына гезектен тыс дем алыс жәрияланып, улыўма билим бериў мәкемелери ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер ушын 2020-жыл 16-20- ҳәм 28-31-март күнлерине гезектен тыс мийнет дем алысы берилиўи, бунда, бир мәрте қолланыў шәрти менен, гезектен тыс белгиленетуғын дем алыс күнлери ҳәр жылдағы тийкарғы мийнет дем алысының даўамлылығын тийисли мүддетке қысқартыў есабынан қапланыўы белгиленген еди.

 

Усы протоколдың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Халық билимлендириў министриниң 2020-жыл 17-мартта қабыл етилген 82-санлы буйрығына тийкарланып, улыўма билим бериў мәкемелериниң муғаллимлерине 2020-жыл 18-20- ҳәм 28-31-март күнлери даўамында 6 жумыс күни муғдарында гезектен тыс мийнет дем алысы берилген.

 

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 12-ноябрьдеги ПФ-5574-санлы Пәрманына муўапық, 2019-жылы 2-январь, 22-март, 2-сентябрь күнлери, 2019-жыл 14-ноябрьдеги ПФ-5875-санлы Пәрманына муўапық, 2020-жылы 23-март қосымша дем алыс күни сыпатында белгиленген болып, усы қосымша дем алыс күнлери бюджет мәкемелеринде ҳәр жылдағы мийнет дем алысының даўамлылығын тийисли (2019-жылда үш, 2020-жылда бир) жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланыўы атап өтилген.

 

Жоқарыда атап өтилген нормативлик ҳүжжетлерге тийкарланып, 48 жумыс күни муғдарында мийнет дем алысын алыў ҳуқықына ийе болған муғаллимлерге жазда 40 жумыс күнинен ибарат мийнет дем алысы бериледи. Бул ҳаққында министрликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.