Президент қарарына муўапық, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратура қәнигеликлерине оқыўға кириў, сондай-ақ, бакалавриат билимлендириў бағдарларына оқыўды көшириў және қайта тиклеў ушын ҳүжжетлерди тапсырыў процеси Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты – www.edu.uz арқалы әмелге асырылады.

 

Магистратураға ҳүжжетлер 2020-жылдың 1-июль сәнесинен 30-июль күнине шекем қабыл етиледи.

 

Сондай-ақ, қарар тийкарында Ферғана ўәлаятының Сох районы ушын бакалавриаттың күндизги билимлендириў түри бойынша улыўма белгиленген қабыллаў көрсеткишлерине салыстырғанда қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы 500 орын муғдарындағы мақсетли қабыллаў параметрлер ажыратылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.