Усы жылдың 12-июнь күни саат 11:44 лерде Қанлыкөл районы аймағынан өтетуғын «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» А-380 автомобиль жолының 847-километринде «Damas» маркалы автомобильде өрт жүзеге келген. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ ЖҲҚББ мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, транспорт басқарыўшысы, 1991-жылы туўылған А.Е. басқарыўындағы усы автомобильде өрт транспорт қуралының двигатель бөлиминдеги сымлардың қысқа тутасыўы ақыбетинде жүзеге келген.

 

Өрт өшириўшилер автомобильде жүзеге келген өртти өширген.

 

Автомобильде 2 жолаўшы болған. Өрт ақыбетинде ҳеш ким дене жарақатын алмаған.

 

Бул ҳәдийсе бойынша Қанлыкөл районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.