USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Жынаятшылықтың алдын алыўда мәҳәлле белсендилик көрсетиўи тийис

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде министрликтиң басшылары, қәнигелери, район (қала)лық бөлимлериниң баслықларының қатнасыўында онлайн ҳәм аудио тәризинде мәжилис өткерилди.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турманов,  Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим аға прокуроры Р.Жангабаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жынаятшылықтың алдын алыў бойынша усы жылдың 4 айы даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм жүзеге келип атырған машқалалар, ҳуқықый үгит-нәсият жумысларындағы қәте-кемшиликлер бойынша кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, республикамызда жүз берген, жәми 442 жынаяттың 134си мәҳәллелердеги жынаятлар болып есапланады. Соннан, 6 адам өлтириў, 8  дене жарақатын жеткериў, 80 урлық, 9 бийзарылық, 5 әдеп-икрамлылыққа қарсы ҳәм 26 басқа түрдеги жынаятларды атап өтсек болады.

Мәжилисте, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының усы жыл 21-май сәнесиндеги Нызамбузыўшылық, оның келип шығыў себеплери ҳәм буған имканият жаратып берип атырған шараятларды сапластырыў бойынша Усыныснамада атап өтилген мәселелер бойынша мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, усы жынаятлар Нөкис қаласы, Тақыятас, Нөкис, Әмиўдәрья, Беруний, Кегейли, Бозатаў, Тахтакөпир, Қоңырат, Төрткүл, Шымбай районларында, адам өлтириўшилик Тақыятас ҳәм Нөкис районларында, қастан денеге жарақат жеткериў Беруний, Қоңырат ҳәм Шоманай районларында, урлық Нөкис қаласы, Тақыятас, Төрткүл, Әмиўдәрья, Беруний, Мойнақ, Кегейли ҳәм Шоманай районларында өскен. Жынаят санының өсип кетиўине жол қойылған аймақлар атап өтилип, буның келип шығыў себеплери талқыланды. Жынаятшылықтың алдын алыўда мәҳәлле басшыларының ҳәм жәмийетлик шөлкемлериниң белсендилик көрсетиўи тийис екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм оның район (қала)лық бөлимлери тәрепинен жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылыўы лазым болған жумыслар бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги