USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ИСБИЛЕРМЕНЛИК ЖУМЫСЫН ҲӘМ ӨЗИН-ӨЗИ БӘНТ ЕТИЎДИ МӘМЛЕКЕТ ТӘРЕПИНЕН ТӘРТИПКЕ САЛЫЎДЫ ӘПИЎАЙЫЛАСТЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Халықты исбилерменлик жумысына буннан былай да кеңнен тартыў ҳәм нызамлы жумыс ислеўин әмелге асырыў ушын қосымша шараятларды жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Салық кодексине муўапық өзин-өзи бәнт еткен шахсларды жумыс ислеўи нәтийжесинде алынған дәраматлары физикалық тәреплердиң жәми дәраматларының қурамына киргизилмейтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. 2020-жыл 1-июльден өзин-өзи бәнт еткен шахслардың шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (мийнетлер, хызметлер) түрлериниң дизими қосымшаға муўапық кеңейтилсин.
  3. 2020-жыл 1-июльден баслап сондай тәртип енгизилсин, оған муўапық:

өзин-өзи бәнт еткен шахсларды дизимге алыў  хабар бериў тәртибинде  өзин-өзи бәнт еткен сыпатында дизимнен өткенлигин тастыйықлайтуғын матрицалы штрих код (14 – код) берген ҳалда арнаўлы мобиль қосымша ямаса салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы әмелге асырылады және  ўақытша мийнет гүўалықларын бериў тәртиби бийкар етиледи;

өзин-өзи бәнт еткен шахслар 2020-жыл ушын социаллық салықты өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында ҳақыйқатында да ислеген ўақтына қарамастан, базалық есаплаў муғдарының кеминде 50 проценти  көлеминде төлейди және бул сумма толық бюджеттен тысқары Пенсия қорына жибериледи ҳәм оннан келип шыққан ҳалда жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын орнатылған тәртипте пенсия есаплаў ушын дәрамат көлеми анықланады;

өзин-өзи бәнт еткен шахслар жалланба жумысшыларды тарта алмаўы және жумыс бериўшиге ийе бола алмаўы ҳаққындағы талап сақланып қалады.

  1. Интернет тармағы арқалы хызметлер көрсетиўши (жумыслар орынлаўшы) өзин-өзи бәнт еткен шахсларға (фрилансинг) төмендеги ҳуқықлар берилсин:

көрсетилген хызметлер (орынланған жумыслар) ушын сырт елдеги физикалық ҳәм юридикалық тәреплер – резидент емеслерден сырт ел валютасындағы төлемлерди Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына тийисли мағлыўматларды киргизбеген ҳалда Өзбекстан Республикасының банклериндеги есап бетлерине қабыл етиў;

контракт дүзбей, келисим ҳаққындағы ғалабалық усынысты (оферта) қабыл етиў ямаса электрон жазысыўлар алмасыў ямаса есап-санақ фактураларды (инвойс), соның ишинде, электрон түрде бериў жолы менен сырт елли физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызметлер көрсетиў  (жумысларды орынлаў).

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети 2020-жыл 1-июльге шекем өзин-өзи бәнт еткен шахсларды аралықтан турып дизимге алыў ушын төмендеги имканиятларды нәзерде тутатуғын мобиль қосымшаны ислеп шықсын және енгизсин:

буйыртпаларды қабыл етиў ҳәм көрсетилген хызметлер (товарлар) ушын төлемлерди әмелге асырыў;

юридикалық тәреплерге хызметлер көрсетиўде (товарларды сатыўда) электрон есап-санақ фактураларды бериў;

мобиль қосымша жәрдеминде ықтыярлы тийкарда дәраматлар ҳәм қәрежетлердиң есабын жүргизиў және бул мағлыўматлардан кейин ала, соның ишинде, кредит алыў ҳәм (ямаса) салықларды есаптан шығарыў мақсетинде пайдаланыў;

өзин-өзи бәнт еткен шахслардың товарларын (жумысларын, хызметлерин) реклама етиў;

көрсетилип атырған хызметлердиң (товарлар) сапасын баҳалаў ҳәм тутыныўшылар тәрепинен пикир-усыныслар қалдырыў.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

жайласқан орны (почта мәнзили) өзгергенде юридикалық тәреплер –исбилерменлик субъектлерин мәмлекет тәрепинен қайта дизимнен өткериў үлкен муғдарларда салық қарыздарлығы болмаған жағдайда хабар бериў тәртибин қолланған ҳалда бийкар етиледи;

жеке тәртиптеги исбилерменлерди мәмлекетлик салық хызмети уйымларында есапқа қойыў оларды мәмлекет тәрепинен дизимнен өткерилип атырғанда (қайта дизимге алынып атырғанда)  исбилерменлик жумысын алып барыў орны бойынша  әмелге асырылады;

жеке тәртиптеги исбилерменниң мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық  онда жеке тәртиптеги исбилерменниң фотосүўрети сәўлелендирилген ҳалда бериледи.

  1. Өзин-өзи бәнт еткен шахслар ушын нәзерде тутылған жумыс түрлери менен шуғылланатуғын, қатнасыўшыларының саны кеминде үшеў болған шаңарақлық кәрханалар айланыстан салықты белгиленген муғдардан 50 проценттен азайтылған ставкада төлейтуғыны белгилеп қойылсын.
  2. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Әдиллик министрлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы 2021-жылы исбилерменлик жумысы менен шуғылланыўды аңсатластырыў, соның ишинде, төмендегилерге имканият жарататуғын сервислерден ўақыт режиминде пайдаланыўға жәрдем беретуғын «Бизнес навигатор» мәлимлеме системасын енгизсин:

исбилерменлик жумысының тийисли аймақтағы бәсекиге шыдамлы түрин таңлаў;

кредит алыў ушын зәрүр болған бизнес-реже жойбарын ҳәм ҳүжжетлер топламын қәлиплестириў;

тийисли исбилерменлик жумысы ушын берилген жеңилликлер ҳәм преференциялар ҳаққында мағлыўмат алыў;

исбилерменлик жумысын әмелге асырыў ушын көшпес мүлк объектлерин таңлаў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Киши бизнес ҳәм исбилеменликти раўажландырыў агентлиги «Бизнес навигатор» мәлимлеме системасын жаратыў бойынша буйыртпашы етип;

исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары «Бизнес навигатор» мәлимлеме системасын жаратыў, техникалық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша жумыслардың қаржыландырыў дәреги етип белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2021-жылға мөлшерленген салық сиясатын жетилистириў концепциясын таярлаўда төмендегилерди нәзерде тутсын:

өзин-өзи бәнт еткен шахслар тәрепинен төленетуғын социаллық салық суммасының ең аз муғдарын орнатыў;

жеке тәртиптеги исбилерменлердиң жалланба жумысшыларға жаллынып ислеў тийкарында мийнет етиўин алып баратуғын шахслар ушын орнатылған салыққа тартыў тәртибин қолланыў.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Қаржы министрлиги және Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте усы қарардың мазмуны және әмелий әҳмийети кеңнен жарытылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 8-июнь