Токиодағы олимпиада ойынлары, COVID-19 пандемиясы себепли, әпиўайы тәртипте өткерилиўи мүмкин. Бул ҳаққында «Иомиури» газетасы Япония ҳүкимети ҳәм Олимпиаданы шөлкемлестириў комитетине тийкарланып хабар берди.

Ҳүкимет олимпиаданы толық өткериўди қәлейди. Бирақ дүнья бойлап ҳүким сүрип атырған қыйын эпидемиологиялық жағдай жумыстың белине тебиўи де итималдан аўлақ емес.

Басылымға бола, олимпиада ойынларының ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлеринде қатнасыўшылардың саны қысқартылыўы мүмкин. Буннан тысқары, стадионлардағы тамашагөйлердиң санын шеклеў де нәзерде тутылған.

 

Қарақалпақсан хабар агентлиги