«Сыртқы экономикалық жумысты буннан былай да тәртипке салыў ҳәм автотранспорт куралларының ишки базарын раўажландырыўды хошаметлеўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқуқий ахборот» телеграмм каналы хабар бермекте.
Қарарға муўапық, 2020-жыл 1-августтан баслап 8701 (тракторлар), 8702 (10 яки оннан артық адам тасыўға мөлшерленген моторлы транспорт қураллары), 8703 (жеңил автомобильлер) ҳәм 8704 (жүк тасыўға мөлшерленген моторлы транспорт қураллары) ТИФ ТН кодлар бойынша транспорт қуралларын алып кириўде әмелде болған акциз салығы ставкалары бийкар етиледи.
Мағлыўмат ушын, Өзбекстан Республикасы аймағына алып кирилетуғын, акциз салығына тартылатуғын товарларға акциз салығы ставкалары Президенттиң ПҚ-3818-санлы қарары менен тастыйықланған.
ӨзА