Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Мухтар Ибрагимовтың басшылығында 2020-жыл 3-июнь күни коронавирус пандемиясы дәўиринде Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қабыл етилген Пәрман, Қарар ҳәм Бийликлерде белгиленген ўазыйпалардың Қарақалпақстан Республикасының илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы орынланыўының таллаўына бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди. Мәжилисте Олий Мажлис Сенатының комитет баслығы Б.Матмуратов, Олий Мажлис Сенатының ағзасы, Қарақалпақстан медицина институтының ректоры О.Атаниязова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры А.Реймов, сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў, Мәденият, Спорт министрликлериниң жуўапкерлери ҳәм Нөкис қаласындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшылары қатнасты. Видеоселектор zoom программалық платформа арқалы өткерилди.
Мәжилисте пандемия шараятында илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт тараўлары бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, тараўлардың алдында турған тийкарғы ўазыйпалар тийисли жуўапкерлердиң есабатлары арқалы ҳәр тәреплеме додаланды.
М.Ибрагимов Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, тийисли комитетлерде тараўларға байланыслы нызамшылық мәселелери, жалпы мәжилис додалаўына қойылған нызамлардың мазмун-мәниси, олардың мәмлекетимиз экономикасы ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеўдеги әҳмийетине байланыслы мағлыўматлар менен бөлисти.
Олий Мажлис Сенатының ағзалары Б.Матмуратов ҳәм О.Атаниязова пандемия шараятындағы жоқары билимлендириў тараўында әмелге асырылып атырған жумысларды анық мысаллар тийкарында таллап, ислениўи керек ўазыйпаларға жуўапкерлердиң дыққатын қаратты.
Мәжилисте Қарақалпақстандағы барлық жоқары билимлендириў мәкемелери басшыларының есабатлары тыңланды. Сондай-ақ, күн тәртибиндеги ең әҳмийетли ўазыйпалар, соның ишинде, билимлендириў мәкемелеринде коронавирус инфекциясының тарқалыўын алдын алыў, пандемия шараятында билимлендириў процесин шөлкемлестириў ҳәм сапасын тәмийинлеў, быйылғы оқыў жылын жуўмақлаў, билимлендириў мәкемелериниң аралықтан билим бериў платформаларын оптималластырыў, олардың мониторинги, питкериўшилерге байланыслы процесслер, улыўма билим бериў мектеплери, орта арнаўлы ҳәм кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилерине мәмлекетлик үлгидеги ҳүжжетлерди электрон тәризде жеткреў тийисли жуўапкер басшылардың есабатлары тыңланды.
Мәжилисте Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы ўәкили Музаффар Абдуллаев быйылғы оқыў жылында қабыллаў процесслерине байланыслы әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди.
Мәжилис қатнасыўшалары менен келешекте усындай видеосәўбетлерди турақлы түрде шөлкемлестирип, жүзеге келип атырған машқалалардың шешимине қаратылған илажларды системалы ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға келисип алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги