Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары менен Алишер Джалгасович Якубов Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министри етип тайынланды.

Мағлыўмат ушын, А.Якубов 1980-жылы туўылған. Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институтын бакалавриат ҳәм магистратура бағдарлары бойынша тамамлаған. Қәнигелиги бойынша жер дүзиў ҳәм жер кадастры, суў хожалығы маркетинги.

Ол мийнет жолы даўамында жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр тараўында жуўапкерли ўазыйпаларды атқарды. 2018-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик Жер ресурслары ҳәм мәмлекетлик кадастр басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги