Бүгин, Республикалық оқыў-методикалық Орайында барлық район қала ХББлериндеги Методикалық хызмет кѳрсетиў бѳлими жуўапкерлери қатнасында “Онлайн методикалық кеңес” ѳткерилди. Онлайн тәртибинде ѳткерилген кеңесте оқыўшылар, ата-аналар ҳәм Республикалық балалар китапханасының усыныслары тийкарында «Қарақалпақстан балалар энциклопедия»сын жаратыў мәселеси додаланды. Энциклопедияны жаратыў бойынша «жол карта»сы ислеп шығылыўы белгиленди.

Сондай-ақ, қарақалпақ тилинде баспадан шығып атырған сабақлықлар бойынша усыныс пикирлерди улыўмаластырыў ҳәм тийисли тәртипте қайта баспадан шығарыў басқышында жиберилген қәте-кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Республика оқыў методика Орайының телеграммдағы @pikirusinissabaqliq_bot каналы иске түсирилгенлиги атап ѳтилди.

 

 

Соның менен бирге, оқыӯшылардың жазғы дем алысы дәӯириндеги бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ мақсетинде Қарақалпақстан телеканалы менен биргеликте «online-mektep», «online-dogerek» ҳәмде «online-kasiplik rawajlandiriw» жойбарларын әмелге асырыӯ ҳәмде бул бойынша республикалық дөретиӯшилик топарын қәлиплестирилмекте. Яғный, усы жылдың июнь айынан баслап «online-dogerek» ҳәмде «online-kasiplik rawajlandiriw» жойбарлары эфирге бериле баслайды. Бунда «online-dogerek» жойбарында оқыӯшыларға инглис тили, техникалық дөретиӯшилик, музыка ҳәм  басқа да дөгереклер бойынша видеосабақлар берилсе, «online-kasiplik rawajlandiriw» жойбарында пән оқытыӯшыларын жаңа оқыӯ жылына таярлаӯ мақсетинде олар ушын қысқа мүддетли курслар берилип барылыўы режелестирилген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги