ОНЛАЙН ШЫНЫҒЫЎ

Оксана кишкенелигинен спорттың дзюдо түрине қызықты. Оның бул қызығыўшылығы Нөкис қаласындағы қәнигелестирилген спорт залына алып келди. Биринши тренери Әмир Дәўлетназаровтың басшылығында спорт сырларын үйрене баслады.

Нөкис қаласындағы 16-санлы улыўма билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Оксана Турғанбаева ҳәзирги ўақытта тренери  Перида Жумабаеваның көрсетпелери тийкарында елимизде карантин илажлары жәрияланғаны мүнәсибети менен онлайн тәризде жарысларға таярлық көрмекте.

Оксана өткен жылы «Ёшлик» спорт жәмийетиниң бириншилиги ушын өткерилген жарыста биринши, быйылғы жылы 2003-2004-жыллары туўылған қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионатында үшинши орынды ийеледи.

-Елимизде Президентимиздиң басшылығында биз спортшыларға барлық шараят жаратып берилген,-дейди жас спортшы Оксана Турғанбаева.-Спорт пенен шуғылланыўыма әкем себепши болды. Келешектеги мақсетим, Азия ҳәм жәҳән чемпионатларына, Олимпиада ойынларына қатнасыў болып табылады.

Жас спортшы қызға әрманың жолдасың болсын деп, алдағы болатуғын жарысларда әўмет тилеп қаламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги