Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6000-санлы Пәрманына муўапық:
- Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң (кейинги орынларда – Мәденият министрлиги) жумыс нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде:
«Мәлимлеме ҳәм компьютер технологиялары орайы» мәмлекетлик мәкемеси «Жас дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў ҳәм мәлимлеме – мультимедиа орайы» мәмлекетлик мәкемеси етип қайта аталсын;
Мәденият ҳәм көркем өнер көргизбеси ҳәм Жаслар мәденият ҳәм көркем өнер орайы сапластырылсын, олардың бюджеттен қаржыландырылатуғын штат бирликлери, балансында болған имаратлар ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллары Мәденият министрлигине өткерилсин;
Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас департаменти (кейинги орынларда – Департамент) ҳәм оның барлық аймақлық басқармаларының структурасында тийислисинше юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлери шөлкемлестирилсин;
Мәденият министрлиги жанындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы, оның аймақлық бөлимлери сапластырылсын, олардың штат бирликлери ҳәм мүлклери қаржыландырыўдың әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда тийислисинше Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына, пул қаржылары болса – Департаменттиң бюджеттен тысқары Мәдений мийрас қорына өткерилсин;
Мәденият министрлиги жанындағы «Мәдений мийрас тиклеў-оңлаў» мәмлекетлик унитар кәрханасы ҳәм Департамент жанындағы «Мерос чашмаси» мәмлекетлик унитар кәрханасы сапластырылсын, оларға хожалық жүргизиў, оператив басқарыў ҳәм турақлы пайдаланыў ҳуқықы менен тийисли болған имаратлар ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар белгиленген тәртипте Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтына өткерилсин;
Орайластырылған инвестициялардың есабынан қаржыландырылатуғын объектлерди қурыў, реконструкциялаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў бойынша буйыртпашы хызметиниң атамасы Мәденият министрлиги жанындағы «Бирден-бир буйыртпашы хызмети» инжиниринг компаниясы етип қайта аталсын;
«Гулистон», «Театр» ҳәм «Мозийдан садо» журналларының редакциялары бирден-бир редакцияға бирлестирилсин.
- Өзбекстан Республикасының «Мәдений байлықлардың алып шығылыўы ҳәм алып кирилиўи ҳаққында», «Мәдений мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында», «Музейлер ҳаққында», «Археологиялық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан пайдаланыў ҳаққында»ғы нызамларында Мәденият министрлигине жүкленген ўазыйпалар, функция және ўәкилликлер Департамент ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен әмелге асырылатуғыны;
Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларының жумысы 2021-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәденият министрлиги 2020-жылдың ақырына шекем Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына оператив басқарыў ҳуқықы менен бирилген материаллық мәдений мийрастың барлық көшпес мүлк объектлерин тийисли аймақлық мәденият басқармалары ҳәм музей-қорықханаларына оператив басқарыў ҳуқықы менен өткерилиўин тәмийинлесин, Департамент ҳәм оның аймақлық басқармалары жайластырылған имаратлар буған кирмейди.
Материаллық мәдений мийрас объектлерине ийелик етиўши ҳәм олардан пайдаланыўшы мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да юридикалық тәреплердиң басшылары менен физикалық тәреплерге материаллық мийрас объектлерин қорғаў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Департамент ҳәм оның тийисли аймақлық басқармалары тийислисинше сапластырылып атырған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мийрасхор есапланатуғыны;
Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларының қурамындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлериниң баслықлары өз лаўазымы бойынша тийилисинше Департамент ҳәм оның аймақлық басқармалары баслықларының орынбасары есапланатуғыны;
Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларының қурамындағы Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм көркем өнер экспертизасы бөлимлериниң штат бирликлери сапластырылып атырған Көркем өнер экспертизасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлериниң штат бирликлери ҳәм Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғын қосымша штат бирликлерин ажыратыў арқалы қәлиплестирилетуғыны;
мәдений байлықларды көркем өнер экспертизасынан өткергени ушын арнаўлы жыйымлар Департаменттиң Мәдений мийрас қорына бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
- Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтына (кейинги орынларда – Институт) нызам ҳүжжетлери талапларына әмел еткен ҳалда, архитектура-қала қурылысы ҳүжжетлерин жаратыў, геодезия ҳәм картография жумысы, материаллық-мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлерин сақлаўға байланыслы жумыс түрлерин тийисли лицензияларды алмай әмелге асырыў ҳуқықы берилсин.
Институт фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлердиң мәмлекетлик илимий-техникалық бағдарламаларында нәзерде тутылған қаржылар, өз жумысынан алған қаржылары, халықаралық финанс институтлары ҳәм басқа да шөлкемлердиң грантлары ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
Институт сапластырылып атырған «Мәдений мийрас тиклеў-оңлаў» ҳәм «Мерос чашмаси» мәмлекетлик унитар кәрханаларының ҳуқықлары менен миннетлемелери бойынша мийрасхор есапланатуғыны, хызметкерлер менен дүзилген шәртнамалары бойынша миннетлемелердин буған кирмейтуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайы штат бирликлери ҳәм материаллық-техникалық базасы менен толық көлемде, қаржыландырыў, мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеўдиң әмелдеги тәртибин сақлап қалған ҳалда Мәденият министрлиги системасына өткерилсин.
Мәденият министрлиги 2020-жыл 1-сентябрьге шекем Мәденият министрлиги жанындағы Өзбекстанға тийисли сырт елдеги мәдений байлықларды изертлеў орайының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң шөлкемлестириўшилик структурасы 1-қосымшаға муўапық;
басқарма хызметкерлериниң шекленген саны 81 адамнан ибарат Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
аймақлық мәденият уйымлары хызметкерлериниң шекленген саны 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Өзбекстан Республикасы мәденият министрине хызметкерлердиң улыўма шекленген саны ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қоры шеңберинде аймақлық мәденият уйымларының структурасын тастыйықлаў. сондай-ақ, зәрүр жағдайларда, усы структуралар ҳәм министрликтиң орайлық аппараты структурасына өзгерислер киргизиў ҳуқықы берилсин.
Усы бәнтке муўапық Мәденият министрлиги ҳәм аймақлық мәденият уйымлары ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғын қосымша 51 штат бирликлери Мәденият ҳәм көркем өнер көргизбесиниң сапластырылыўы ҳәм Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлердиң қайта шөлкемлестирилиўи есабынан босайтуғын штат бирликлери есабынан ажыратылсын.
- Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыўшы кеңес 4-қосымшаға муўапық қурамда шөлкемлестирилсин, төмендегилер оның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 26-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўынының жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6000-санлы Пәрманында белгиленген илажлардың өз ўақтында, толық көлемде ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўын тәмийинлеў;
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 28-ноябрьдеги ПҚ-4038-санлы қарары менен тастыйықланған Өзбекстан Республикасында миллий мәдениятты буннан былай да раўажландырыў концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў бойынша «жол картасы» ҳәм усы қарардың орынланыўын тәмийинлеўде жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў, анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў илажларын көриў;
усы бәнтте нәзерде тутылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер орынланыўының турақлы мониторингин ҳәм таллаўын алып барыў және олардың нәтийжелери бойынша ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине мәлимлеме ҳәм тийкарланған усыныслар киргизип барыў.
- Мәденият министрлиги:
а) еки ҳәпте мүддетте:
усы қарардың талапларынан келип шыққан ҳалда Өзбекстан Республикасы мәденият министри орынбасарларының олар жуўапкер болған анық бағдарлар ҳәм ўазыйпаларды нәзерде тутатуғын функционаллық ўазыйпаларын тастыйықласын;
аймақлық мәденият басқармаларының структурасында хызметкерлердиң усы қарар менен белгиленген шекленген саны шеңберинде материаллық мәдений мийрас объектлеринен ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қорғаў бөлимлерин шөлкемлестирсин;
б) бир ай мүддетте:
усы қарардың талапларынан келип шығып Мәденият министрлигиниң орайлық аппараты ҳәм жаңадан дүзилген бөлимлерди өзлерине жүкленген ўазыйпалардың нәтийжели орынланыўын жоқары профессионал дәрежеде тәмийинлеўге уқыплы болған маман қәнигелер менен толықтырыў илажларын көрсин;
Қаржы министрлиги менен келискен ҳалда Мәденият министрлиги системасындағы шөлкемлер тәрепинен көрсетилетуғын концерт-тамаша хызметлериниң тарифлерин қәлиплестириў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
в) еки ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Министрлер Кабинетине:
Мәденият министрлиги жанындағы Мәдений мийрас илимий-изертлеў институтының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы;
Департаменттиң жумысын жетилистириў ҳәм турақлы түрде қаржыландырыў, хызметкерлердиң мийнетин материаллық хошаметлеўди күшейтиў, соның ишинде, оларға хызмет еткен улыўма мийнет стажы, илимий атақ ҳәм дәрежеге ийе болғаны ушын үстемелер белгилеў, материаллық-техникалық базасын түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққындағы;
Мәдений байлықларды реализациялаў жумысын әмелге асырыў ушын руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиўдиң хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы қарар жойбарларын киргизсин;
г) үш ай мүддетте Ғалабалық-мәдений ҳәм концерт-тамаша илажларының календарь режелерин қәлиплестириў ҳәм тастыйықлаў тәртиби ҳаққындағы реже ҳәм Концерт-тамаша жумысын лицензиялаў бойынша мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң админстративлик регламенти жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қаржылары есабынан мәденият ҳәм көркем өнер мәкемелеринде Билет операциялары бирден-бир электрон системасының ислеп шығылғаны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Мәденият министрлиги:
бир ай мүддетте Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети менен келискен халда Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги Көпшилик келип көретуғын материаллық мәдений мийрастың көшпес мүлк объектлери ҳәм музейлердиң дизимин тастыйықласын;
2021-жыл 1-июльге шекем өз системасындағы театрлардың кирип шығыў орынларында театрлардың өз қаржылары ҳәм Мәденият министрлигиниң бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында тартылатуғын қаржылары есабынан электрон турникетлер ямаса келип көретуғынларды автоматластырылған түрде есапқа алыўға мөлшерленген басқа да үскенелердиң орнатылыўы ҳәм олардың Билет операциялары бирден-бир электрон системасына интеграцияланыўын тәмийинлесин.
- 2021-жыл 1-январьдан баслап мәмлекетлик хызметкерлер ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң бирден-бир системасы енгизилгенге шекем Мәденият министрлиги, аймақлық мәденият басқармалары, районлық ҳәм қалалық мәденият бөлимлериниң хызметкерлери ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинен усы қәрежетлер ушын Мәденият министрлиги жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорына ажыратылатуғын қаржылар есабынан материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери енгизилсин:
көп жыллық мийнети ушын хошаметлеў коэффциентин есапқа алған ҳалда, лаўазым айлығына белгиленген коэффициентлерде төмендеги көлемлерде ҳәр айда қосымша пул төлеў: 2 жылдан 5 жылға шекем- 0,1; 5 жылдан 10 жылға шекем – 0,2; 10 жылдан 15 жылға шекем – 0,3; 15 жылдан аслам – 0,4;
хызметкерлердиң жумыс нәтийжелилигине бола жумыс бериўшиниң өз алдына буйрығы менен менен орнатылатуғын, лаўазым айлығынан (хошаметлеў коэффициентин есапқа алған ҳалда) 100 процентке шекем болған муғдарда ҳәр айдағы жеке үстеме;
ҳәр айдағы азық-аўқат ушын қәрежетлерди қаплаў бойынша базалық есаплаў муғдарының еки есеси муғдарында төлемлер;
ҳәр айдағы жолкирей ушын қәрежетлерди қаплаў бойынша базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында төлемлер, хызмет автотранспорты бириктирилген хызметкерлерден тысқары.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги 2021-жылдан баслап Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде усы қарарда нәзерде тутылған қәрежетлерди әмелге асырыў ушын зәрүр қаржыларды нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2006-жыл 14-сентябрьдеги «Ташкент қаласында қурылған мәденият ҳәм көркем өнер көргизбесиниң жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-467-санлы қарары өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Мәденият министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 26-май