Шоманай районында бир күнде еки жаңа объект – Бәнтликке көмеклесиў ҳәм Мәҳәлле орайлары имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

Президентимиз усы жыл 20-21-январь күнлери республикамызға сапары даўамында Қарақалпақстан Республикасында 2017-жылдың бағдарламасына қосымша түрде бир қатар жаңа жойбарларды әмелге асырыў, соннан Шоманай районындағы жарамсыз жағдайға келип қалған районлық бәнтликке көмеклесиў орайының имаратының орнына басқа жаңа админстративлик имарат қурыў бойынша тапсырма берген еди.

Бул тапсырманы орынлаў бойынша жумыслар дәрҳал баслап жиберилди ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Мийнет министрлиги тәрепинен имараттың үлги жойбары белгиленди. Район ҳәкиминиң арнаўлы қарары менен улыўма майданы 373,69 квадрат метрлик жер майданы ажыратылып, жойбар баҳасы 512,5 миллион сум болған усы объектти «Кегейли қурылыс монтаж» кәрханасы қурылысшылары өз ўақтында питкерди.

Сондай-ақ, Өзбекистан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле институтын және де муўапықластырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын орынлаў тийкарында улыўма жойбар баҳасы 765 миллион сум болған «Мәҳәлле» орайының заманагөй имараты да қысқа ўақыт ишинде бой тикледи.

Өзбекистан Республикасы Конституциясының 25-жыллығы қарсаңында усы еки социаллық әҳмийеттеги имаратлардың гилти өз ийелерине салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Илажларға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы Қ.Сариев қатнасты.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.