Быйылғы жылдың басынан 15-май аралығында Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы арқалы салмағы 183226 тонна, баҳасы болса 122 миллион 97 мың АҚШ долларға тең болған өнимниң экспорты әмелге асырылған. Бул көрсеткиш аймақтың сыртқы саўда айланысының дерлик 71 процентин қурайды.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Мәлимлеме хызметиниң хабар бергениндей, мәмлекетимизге сырт ел валютасының түсимин тәмийинлеп, экономикалық турақлылықты беккемлеўде мәмлекетимиздиң экспорт потенциалы сүйениш есапланады. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыўшы ҳәм жетистириўши тараўларды қоллап-қуўатлаў бағдарында өним экспорты менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине барлық зәрүр шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылмақта. Мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин  тәмийинлеўде болса бажыхана хызмети мәмлекеттиң тийкарғы күш дәреги болып есапланады. Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен бүгинги сынақлы күнлерде экспорт-импорт операциялары жедел даўам еттирилмекте. Соның ишинде, аймақтағы бажыхана постлары арқалы экспорт ҳәм импортқа бағдарланған товарлар ҳеш қандай тосқынлықларсыз, жеделлик пенен бажыхана рәсмийлестирилиўинен өткерилип, өз мәнзиллерине жеткерилмекте.

Бүгинги күнде Аралбойы экспорт потенциалын полиэтилен, ийирилген жип, артемия цистасы, кальцинирленген сода, боян тамыр ҳәм тери сыяқлы өзине тән сийрек ушырасатуғын өнимлер қурайды. Нөкис қаласында 7,96 гектар майданда жайласқан, заманагөй алдынғы Италия технологиялары тийкарындағы қарамал ҳәм қой-ешкилердиң терисин қайта ислеп, сапалы былғары ҳәм былғары өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелестирилген «ORIENT TECHNOLOGY» қоспа кәрханасының экспортқа шығарып атырған товар мәмлекетимизде бирден-бир екенлиги ҳәм жәҳән базарларында талаптың күшлилиги менен ажыралып турады. Бул кәрхана карантин шараятына қарамастан, барлық гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыўды даўам етпекте.

«Нөкис» сыртқы экономикалық жумыс бажыхана посты хызметкерлери усы кәрханада болып, жумыс барысы менен жақыннан танысты. Бажыхана хызметкерлери экспортқа жарамлы өним ислеп шығарыўды және де кеңейтиў мақсетинде сырт мәмлекетлерден келтирилетуғын технологияларға қолланылатуғын жеңилликлер, экспортқа таяр өнимлерди дүнья базарларына алып шығыў бойынша ҳуқықый жақтан жол-жоба көрсетип, усыныслар берди.

– Кәрханамыз тәрепинен жыл басынан 15-майға шекем 500 мың АҚШ долларынан аслам баҳадағы 268 тонна тери ҳәм тери өними Италияға экспорт етилди, – дейди биз бенен сәўбетте технолог Саидали Нурмахов. – Жумысымыз қарамал ҳәм қой-ешкилердиң терисин ажыратып алыўдан баслап оны кептирип, өзине тән қайта ислеў, тери ҳәм былғары өнимлерин ислеп шығарыўға шекемги болған барлық процесслерди қамтып алады. Мәмлекетимизде енгизилген коронавирус пандемиясына қарсы карантин дәўиринде барлық гигиеналық талапларға қатаң әмел еткен ҳалда өним ислеп шығарып атырмыз. Келешекте экспорт көлемин көбейтип, таяр өним ислеп шығарыўды кеңейтиўди алдымызға мақсет етип қойғанбыз.

Бүгинги күнде бундай кәрханалар өз жумысын жедел ҳәм турақлы даўам еттирип атырғаны мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған кең көлемли жумыслардың нәтийжеси болып есапланады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы