Әҳмийетли сәўбет

«100 сораўға 100 жуўап» жойбары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Илесбай Қунназаров пенен билимлендириў тараўындағы пуқараларымызды қызықтыратуғын бир қатар сораўлар әтирапында сәўбетлестик.

-Бүгинги коронавирус пандемиясы дәўиринде республикамызда аралықтан оқытыў қалай жолға қойылған?

-Дүнья жүзи халықларын тәшўишке салған коронавирус пандемиясы билимлендириў тараўына да өзиниң кери тәсирин тийгизди. Усыған байланыслы елимиздиң барлық билимлендириў мәкемелеринде оқыў процеси усы жылдың 16-мартынан баслап тоқтатылып, аралықтан оқытыў технологиясы енгизилди. Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде, улыўма билим бериў мектеплеринде, кәсип-өнер колледжи ҳәм академиялық лицейлерде, жоқары оқыў орынларында онлайн тәризде оқытыў жолға қойылды.

Елимизде санитариялық-эпидемиологиялық жағдай жәрияланғаннан кейин билимлендириў мәкемелеринде шөлкемлестирилип атырған сабақларды сапалы шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы қадағалаўшы уйым емес, ал, бирге ислесиўши шөлкем сыпатында билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў бойынша халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда тренер-оқытыўшыларды қәлиплестириўге баслы итибар қаратты.

Қарақалпақстан Республикасында 725 улыўма билим бериў мектебинде 344  мыңнан аслам  оқыўшы өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен ҳәм рус тиллеринде билим алады. Елимиз бойынша билим бериў өзбек ҳәм рус  тиллеринде алып барылатуғын класслар ушын сабақлар миллий телерадиокомпанияның тийисли каналлары, яғный, 1-4-класслар ушын National Geography Wild каналы, 5-8-класслар ушын Eurosport каналы, 9-11-класслар ушын «Охота и рыбалка» каналы арқалы бийпул эфирге узатыў жолға қойылған болса, Қарақалпақстан Республикасында билим бериў қарақалпақ тилинде алып барылатуғын класслар ушын Қарақалпақстан телерадиокомпаниясының «Қарақалпақстан» телеканалы арқалы ҳәр күни 3-5 саатлық видеосабақ эфирге узатылып келинбекте.

Қарақалпақстан Республикасында 3-7  жас аралығында 155 мың 600 ге шамалас мектепке шекемги билимлендириў жасындағы бала болып,  соннан бүгинги күнге 96 мың 600 ден асламы (62 процент) 400 мәмлекетлик ҳәм 422 мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине қамтып алынған.  Коронавирус пандемеясы дәўиринде олар ушын «Болажон» телеканалы арқалы  «Илк қадам» оқыў бағдарламасы тийкарында онлайн сабақлар шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан Республикасында 3 жоқары оқыў орны ҳәм 6 жоқары оқыў орнының филиалы болып, оларда 28500 ден зыят магистр ҳәм студент  күндизги, сыртқы, арнаўлы сыртқы ҳәм  кешки билим бериў түрлери бойынша билим алмақта.

Студентлерге аралықтан турып билим бериў, олардың билимин қадағалаў ҳәм ашық-айдын баҳалаў мақсетинде  ҳәр бир жоқары оқыў орынларында билимлендириў платформаcы шөлкемлестирилди. Усы платформалар арқалы оқыў жылының бәҳәрги семестринде оқытылатуғын пәнлер бойынша оқытыўшылар тәрепинен жаратылған ресурслар орналастырылып берилмекте.

Усы оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў  басқармасына қараслы 72 кәсип-өнер колледжи ҳәм Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада резервлери мектеп-интернаты, Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжи, Елликқала көркем-өнер ҳәм педагогика колледжинде 15 мыңнан аслам оқыўшының питкерип шығыўы күтилмекте. Оларға 1 мың 100 ден аслам оқытыўшы ҳәм өндирис устасы тәрепинен интернет ҳәм социаллық тармақлары арқалы аралықтан оқытыў жолға қойылды.

-Ҳәзирги пандемия дәўиринде педагог-кадрлардың аттестациясы мәселеси қалай шешилип атыр?

-Орынлы сораў. Педагог-кадрлардың аттестациясы Өзбекстан Республиксы  Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы «Мектепке шекемги, улыўма орта, кәсип-өнер ҳәм мектептен тысқары мәмлекетлик билимлендириў мәкемелериниң педагог кадрларын аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған режеге муўапық ҳәр жылы март-июнь айында өткерилиўи белгиленген еди. Усы жылы республикамыз бойынша жоқары ҳәм биринши кәсиплик категорияларына және бас ҳәм жетекши оқытыўшы лаўазымларына талабан 3 мың 400 ден аслам, сондай-ақ, 4 мың 300 ден зыят екинши кәсиплик категориясына және үлкен оқытыўшы лаўазымларына талабанларды аттестациядан өткериў процеси республикамызда эпидемиологиялық жағдай турақласқаннан кейин өткериледи. Соны айрықша атап өтиў керек, әмел етиў мүддети усы жылы тамам болатуғын сертификатлардың мүддети 31-декабрьге шекем созылды.

-Билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм аккредитациядан өткериў мәселесине де тоқтап өтксеңиз…

Өзбекстан Республиксы  Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 7-июньдағы «Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелери және мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелерин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы қарары менен тастыйықланған режеге муўапық  2020-жылы 186 улыўма билим бериў мектебин, 189 мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин аттестациядан ҳәм мәмлекетлик аккредитациядан өткериў режелестирилген еди.  Соннан усы жылдың 15-мартына шекем 73 улыўма билим бериў мектеби, 58 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми аттестациядан ва мәмлекетлик аккредитациядан өткерилди. Қалғанлары жоқарыда атап өткенимиздей, республикамызда эпидемиологиялық жағдай турақласқаннан кейин өткериледи. Усы жылдың 1-сентябрине әмел етиў мүддети тамам болатуғын улыўма билим бериў мектеби ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң  мүддети 31-декабрьге шекем созылғанын еслетип өтпекшимиз.

-2020-2021-оқыў жылында Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестирилетуғын кәсип-өнер мектеплери, кәсип-өнер колледжлери ҳәм техникумлар көпшиликти қызықтырса керек. Булар туўралы да  мағлыўмат берсеңиз…

-Жаңа оқыў жылынан баслап республикамызда 23 кәсип-өнер мектеби, 17 кәсип-өнер колледжи ҳәм 14 техникум шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта усы кәсиплик билим бериў мәкемелеринде жаңа оқыў жылына таярлық жумыслары алып барылмақта. Ҳәр бир кәсиплик  билим бериў түри бойынша бирден-бир үлгили кәсип-өнер мектеби, кәсип-өнер колледжи ҳәм техникум шөлкемлестириледи, бирақ, 2020-2021-оқыў жылында кәсип-өнер мектебинде оқыйтуғын оқыўшылар ушын мәмлекетлик бюджеттен стипендия ҳәм үш мезгил ыссы аўқат пенен тәмийинлеўге байланыслы төлемлерди тоқтатып турыў белгиленген.

Ҳәзирги пандемия дәўирине қарамастан Президентимиздиң басламасы менен билимлендириў мәкемелериндеги машқалалар басқышпа-басқыш өз шешимин таппақта. Сонлықтанда бул мәкемелердиң басшыларынан, барлық жәмәәтинен елимизде жәрияланған карантин қағыйдаларын қатаң сақлаўды, берилген имканиятлардан орынлы пайдаланыўды өтиниш етип қаламыз.

 

Сәўбетлескен: Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы