Аймақлық билимлендириў басқармалары усы жылдың 5-июнине шекем питкериўшилерге аттестат (шаҳадатнама ҳәм сертификат) бланкаларына қойылатуғын жуўмақлаўшы баҳаларды attestat.uzedu.uz   электрон системасына киргизиўи ҳәм белгиленген тәртипте рәсмийлестирилиўи лазым деп хабар береди xs.uz .

Басқармалар усы жылдың 15-июнине шекем басылып шығарылған аттестат (шаҳадатнама)ларды электрон түрде (сканер) питкериўшилерге жеткереди.

Таярланған аттестат (шаҳадатнама)лар, алтын ҳәм гүмис медальлар аймақта эпидемиологиялық жағдай жақсыланып, оқыўшыларға тапсырыламан дегенше барлық қәўипсизлик илажларын көрген ҳалда улыўма орта билим бериў мәкемесинде сақланады.

Карантин шеклеўлери алып тасланғанынан кейин аттестат (шаҳадатнама)лар, алтын ҳәм гүмис медальлар өз ийелерине тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги