Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдынан халқымызға тән мийрим-шәпәәт, жақсылық, қайыр-сақаўат сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын көриниси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып ислеген жынаяты ушын жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде өткен 258 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген шахслардың 16сы тийкарғы жазадан азат етиледи, 101и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етиледи, 24ниң еркинен айырыў жазасы жеңиллирек жаза менен алмастырылады. Сондай-ақ, 117 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 7и 60 жастан артқан ер адамлар, 1ин ҳаял, 7ин сырт ел пуқаралары, 164ин қадаған етилген шөлкемлердиң қатнасыўшылары қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм туўысқанларының жанына қайтарыў, социаллық турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА