Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 22-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 127ге жетти. Соннан 118 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 9 наўқас емленбекте.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 856 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынды. Олардан 14 мың 578 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 278 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 57 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 221 пуқара үйлеринде бақлаўға алынған.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5786 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Усы күнге шекем 13 мың 831 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 127 пуқарада коронавирус инфекциясы анықланды. Кеселликке гүманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги