USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

РАМАЗАН ҲАЙЫТЫН БЕЛГИЛЕЎ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

Жақсылық, сақаўат ҳәм мүриўбет айы болған мүбәрек Рамазан айы усы жыл мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы себепли үйде, шаңарақ орталығында, өз-ара татыўлық ҳәм өз-ара келисим орталығында мүнәсип өткерилмекте. Елимиз түрли сынақ ҳәм қыйыншылықлардан және де күшли ҳәм қүдиретли болып өткен ҳалда, муққадес Рамазан ҳайытын ертенги күнге үлкен исеним ҳәм қуўаныш пенен күтип алмақта.

Бул уллы әййямның халқымыздың мәнаўий турмысында тутқан орны, оның жәмийетимизде сақыйлық, шүкиршилик, мийрим-шәпәәт сыяқлы пазыйлетлерди қәлиплестириўдеги әҳмийетин инабатқа алып ҳәм миллий-диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў ҳәм улығлаў мақсетинде:

  1. Өзбекстан мусылманлары уйымының 2020-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 24-май – екшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, мәмлекетимизде 2020-жыл 24-май Рамазан ҳайыт байрамы сыпатында белгиленсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қолап-қуўатлаў министрлиги, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан ҳайытының карантин талапларына муўапық, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине тән түрде өтиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
  3. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да мәлимлеме қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Ариповқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-май  21-май