Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-май күни пайтахтымызда әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслар ҳәм ири жойбарлар менен танысты.
Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Әлийшер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий бағында қурылған Жазыўшылар қыябанына барды.
Бул бағдардағы реже 2017-жыл 3-февраль күни усы бағқа барған ўақтында белгиленген еди. Сол жылы 18-апрельде мәмлекетимиз басшысының тийисли қарары қабыл етилип, қыябанның архитектуралық-идеялық жойбары ислеп шығылды.
Өткен ўақыт даўамында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылып, 8 гектардан аслам майданда Жазыўшылар қыябанының тутас архитектуралық ансамбли жаратылды.
Алдын бул жерде санаўлы ғана жазыўшыларымыздың естелиги болған ҳәм бул тап Әлийшер Наўайыдан кейин елимизден талантлы шайырлар жетисип шықпағандай тәсир қалдыратуғын еди.
Сол себепли, Жазыўшылар қыябанын идеялық-көркемлик жақтан және де байытыў мақсетинде Бабур, Агаҳий, Бердақ, Муқимий, Фурқат, Беҳбудий, Авлоний, Чўлпон, Қадирий, Т.Қайыпбергенов, И.Юсупов, А.Файнберг сыяқлы атақлы ғайраткерлердиң естелигине бағышланған жаңа естелик комплекслери де жаратылды.
Ҳәзирети Наўайы бабамыздың саўлатлы естелиги әтирапында 20 дан аслам атақлы шайырлар ҳәм жазыўшылардың естеликлери тутас архитектуралық ҳәм көркем композицияда, логикалық шешим тийкарында жайластырылды. Бул жерде Жазыўшылар аўқамы ушын имарат қурылғаны да үйлесимлик пайда етти.
Мәмлекетимиз басшысы Әлийшер Наўайының естелигине гүл қойды. Қыябанда әмелге асырылған жумыслар ҳәм жаратылған шараятларды көзден өткерди.
Жазыўшы ҳәм шайырлар, зыялылар менен ушырасыўда миллий әдебиятымызды раўажландырыўға қаратылып атырған итибар, алдағы әҳмийетли ўазыйпалар ҳаққында сөз болды.
– Әдебият халықтың жүреги, елдиң мәнаўият айнасы. Бүгинги қыйын заманда адамлардың кеўлине жол табыў, оларды жақсы мақсетлерге илҳамландырыўда әдебияттың тәсиршең күшинен пайдаланыў керек. Ата-бабалардың мийрасын үйрениў, бай мәдениятымызға мүнәсип уллы әдебият жаратыў ушын да шараятларды жаратып беремиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Елимизде дөретиўшилердиң шығармалары турақлы түрде басып шығарылып атыр. Енди оларды дүньяға алып шығыў керек екенлиги атап өтилди. Мәселен, Әлийшер Наўайы, Мырза Бабур, Абдулла Қадирий, Абдулҳамид Чўлпон сыяқлы дөретиўшилердиң шығармалары шет тиллерде басып шығарылмақта. Бирақ бул жумыслар дилмашлардың өз басламасы ҳәм қызығыўшылығы менен болып атыр.
Бул бағдарда Жазыўшылар аўқамы интакер болыўы, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университети менен биргеликте өзбек әдебиятының ең сайланды үлгилерин түрли тиллерге аўдарып, басып шығарыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Жазыўшылар қыябанын әдебият, мәрипат ҳәм мәденият дәргайына айландырыў, ҳәр бир жазыўшының естелигин белгили жоқары оқыў орнына бириктирип, бул жерде ашық сабақлар, ағартыўшылық илажлар өткериў бойынша усыныслар берилди. Қыябан менен ғана шекленип қалмай, жазыўшылардың дөретиўшилигин терең үйрениў, олардың ибратлы өмир жолы ҳаққында китаплар ҳәм фильмлер жаратыў, жаңа шығармалар жазыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
– Заманымыз қаҳарманлары, деп көп айтамыз. Бүгин бул қаҳарманлар коронавирусқа қарсы гүресип атырған пидайы шыпакерлеримиз, мәрт әскерлеримиз, сақаўатлы исбилерменлеримиз, ўатансүйгиш жасларымыз болып есапланады. Олардың мәртлиги ҳаққында оқыўды ҳәммемиз қәлеймиз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бүгинги жаслар интернеттен, электрон әдебиятлардан көбирек пайдаланатуғыны, бирақ миллий әдебиятымыз ғәзийнесин интернетте үгит-нәсиятлаў жақсы жолға қойылмағаны атап өтилди.
Сол себепли Президентимиз «Жазыўшылар қыябаны» деп аталған интернет порталын шөлкемлестириў усынысын билдирди. Онда классикалық ҳәм заманагөй шығармалардың электрон нусқалары, жазыўшы ҳәм әдебияттаныўшылардың шеберлик сабақлары жәмленеди. Портал өзбек, инглис ҳәм рус тиллеринде жумыс алып барса, оннан сырт елли ықласбентлер менен қәнигелердиң де пайдаланыўы ушын имканият жаратылады.
Усы жерде жоқары билимлендириў мәкемелериниң жазыўшылар дөретиўшилигин үйрениў бойынша презентациялары өткерилди. Мәмлекетимиз басшысы қыябан жанында шөлкемлестирилген китапхананы да көзден өткерди.
Бизге белгили, Президент Шавкат Мирзиёев быйыл 11-январь күни пайтахтымыздағы дөретиўшилик жумыслар менен танысыў ўақтында Ташкент қаласының музейин шөлкемлестириў бойынша усыныслар берген еди. Жазыўшылар қыябаны жанындағы имарат реконструкцияланып, бул музей усы жерде қурылды.
Уллы жипек жолының толысқан кесилиспесинде жайласқан Ташкент әсирлер даўамында илим, мәденият ҳәм мәрипат орайларынан болып келген. Ўатанымыздың алтын босағасы болған пайтахтымыз бүгинги күнде және де раўажланып, гөззал ҳәм көркем мегаполислардиң бирине айланып бармақта. Бирақ усындай үлкен қала усы ўақытқа шекем өз музейине ийе емес еди.
Ташкент қаласының музейи 2200 жыллық тарийхқа ийе болған аймақтың бурынғы өтмиши, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, илими, мәденияты ҳәм көркем өнерин өзинде сәўлелендиреди. Ҳәзирги ўақытқа шекем бул жерде мыңға шамалас экспонатлар жыйналған. Музей фонды барған сайын байытып барылады.
Биринши қабатта «Ташкент – илим орайы», «Ташкент – кеңпейиллик қаласы», «Әмелий көркем өнер. Күнделикли турмыс ҳәм мәденият» деп аталған экспозициялар шөлкемлестирилген. Екинши қабатта әййемги жумыс қураллары, хожалық буйымлары, зыярат етиў орынларының макетлери көргизбеге қойылған.
Экспонатларға өзбек, рус ҳәм инглис тиллериндеги текстлер менен түсиник берилген. Мониторлар, инфокиосклар ҳәм басқа да технологиялар жәрдеминде қосымша мағлыўматлар усынылады.
– Бул биринши қәдем, – деди Шавкат Мирзиёев. – Ташкентте илимий изертлеўлер ушын оғада үлкен дәрек бар. Бирақ усы ўақытқа шекем бир пүтин ҳәм толық үйренилмеген. Енди 2200 жыллық тарийхты дәўирме-дәўир үйрениў, музейди айғақлы затлар менен байытып, қала цивилизациясын толық жүзеге шығарыў керек.
Усы мақсетте илимий-изертлеў институтын шөлкемлестириў, археологларға шараят жаратыў, излениўлердиң нәтийжеси бойынша китаплар басып шығарыў зәрүрлиги атап өтилди. Жасларды, оқыўшыларды бул жерге алып келиў, басқа қалаларда да усындай музейлер шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Музей Жазыўшылар қыябаны жанында шөлкемлестирилгени де бийкарға емес. Жазыўшы ҳәм шайырлар, тарийхшылар оның жумысын жанландырыў, сырт еллилерге үгит нәсиятлаўға үлес қосады.
Ташкенттиң Яшнабад районында Балалар миллий медицина орайы қурылды. Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев усы мәкемени де барып көрди.
Жойбар баҳасы 130 миллион доллардан аслам болған бул орай Корея Республикасы жәрдеминде, «Баум» корпорациясының жойбары тийкарында қурылды. Бул жоқары технологиялар тийкарында хызмет көрсетиўге қәнигелескен Орайлық Азияда бирден-бир усы түрдеги балалар медицина мәкемеси болып есапланады. Бул жерде жылына 1,5 мыңнан аслам сийрек ушырасатуғын хирургиялық әмелиятларды орынлаў имканияты бар.
Төрт қабатлы емлеў корпусы 280 орынға ийе, поликлиника күнине 250 адамға шекем наўқас қабыллайды. Орай магнит резонанс томографы, мультиспираллық компьютер томографы, ДНК анализаторы ҳәм онкологиялық кеселликлерди ерте анықлайтуғын заманагөй технолгиялар менен үскенеленген. Бул жерде жумыс алып барыў ушын 100 ден аслам врач ҳәм мийирбийкелер Қубла Кореяда қәнигелигин арттырып қайтты.
Хирургиялық әмелият үскенелерине арнаўлы камера орнатылған болып, басқа емлеўханалар ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери операцияларды онлайн тәризде бақлап барыўы мүмкин. Заманагөй технологиялар арқалы аралықтан медициналық тексериўлер ҳәм консилиумлар шөлкемлестириледи, емлеўдиң тәсиршең усыллары додаланады.
– Бул орай – миллий байлығымыз. Бул жерде балаларды профессиональ емлеў менен бирге заманагөй телемедицина технологиялары тийкарында мәмлекетимиз аймақларында да жоқары сапалы медицина хызметлерин жолға қойыў керек, – деди Президент.
Балалар медицинасы бағдарында инновациялық излениўлер алып барыў, сырт ел қәнигелерин тартқан ҳалда қыйын хирургиялық әмелиятларды ҳәм жоқары технологиялы емлеўлерди шөлкемлестириў, медицина қәнигелериниң қәнигелигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы клиникада жаратылған шараятлар менен танысты. Ситуациялық орайда болып, ўәлаятлардағы ҳәм Қубла Кореядағы Пусан университетиниң қәнигелери менен сөйлести.
Усы орай жанында жасы үлкенлер ушын да заманагөй клиника ҳәм жоқары оқыў орнын шөлкемлестириў режелестирилген. Бул мәкемелердиң жойбары таныстырылды.
– Балалар ҳәм жасы үлкенлер ушын медицина орайларының аймақларда филиаллары болады. Усы арқалы медицина системасының ҳәм илимин, ҳәм әмелиятын ең алдынғы стандартлар дәрежесине көтерип аламыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласының Аҳангаран шоссеси ҳәм Мақтумқулы көшесиниң кесилиспесиндеги жол өткелини көзден өткерди.
Соңғы үш жылда Ташкент қаласында жеңил автомобильлердиң саны 95 мыңға көбейген. Аймақлардан пайтахтқа келип-кетип атырған машиналардың саны да артпақта. Сол себепли, көшелердиң өткериўшенлигин арттырыў, автомобильлер тығызлығын азайтыў мақсетинде өткен 3 жылда 4 жол өткели қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.
Аҳангаран шоссеси Ташкент айланба жолының бир бөлеги. Мақтумқулы көшесиниң жаңа бөлеги питкеннен кейин, усы жолларда транспорт ҳәрекети және де артқан еди. Бул көшелердиң кесилиспесинде 2018-жылы басланған жойбар быйыл әмелге асып, айдаўшыларға оғада үлкен қолайлық жаратты.
Бул транспорт шешими үш қатардан ибарат болып, туннельдиң узынлығы 593 метр айланба түрдеги ортадағы қатар 29 метр, эстакада бөлеги 502 метрди қурайды. Туннель ҳәм эстакадада қатнаў алты, ортадағы қатарда болса бес қатарлы.
Алдын бул кесилиспе саатына 7 мың автомашинаны өткериў қуўатлылығына ийе еди. Енди саатына 20 мың транспорт қуралын үзликсиз өткериў имканияты пайда болды. Бул жерде светофордың ислетилмеўи де тоқтаўсыз ҳәрекетти тәмийинлейди.
Және бир тәрепи, жаңа объект үлкен жүклемени өзине алып, «Ташкент – Чимган» жөнелиси бойынша аралықты 22 километрге қысқартты.
– Пайтахтта жеңил автомобильлердиң саны және де көбейетуғыны анық. Соның ушын ертеңги күнди ойлап, көшелерди кеңейтиў, көпирлер қурыў жумысларын даўам еттириў керек, – деди Президент.
Ташкент қаласында әмелге асырылған бундай үлкен дөретиўшилик жойбарлар пайтахтымыздың және де раўажланып, халықтың жасаўы ушын қолайлы қалалардың бирине айланып атырғанынан дәрек береди.
ӨзА