Түркменстан Республикасында жайласқан жазаны атқарыў мәкемелеринде белгиленген жазасын өтеп атырған Өзбекстан Республикасының 61 пуқарасы мәмлекетте жәрияланған амнистия акти тийкарында азатлыққа шығарылды ҳәм Өзбекстанға қайтарылды. Бул ҳаққында ӨзР ИИМ хабар берди.

 

Хабарда жазылыўынша, азат етилгенлер арасында Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын 24 пуқара да болған.

 

Олар карантин тәртип-қағыйдаларына толық әмел етилген ҳалда Бухара ўәлаятының Олот районындағы бажыхана шегаралық посты арқалы Өзбекстан аймағына киргизилип, Ташкент ўәлаятындағы Жоқары Шыршық районында жайласқан 14 күнлик арнаўлы карантинде сақлаў орнына орналастырылған.

 

Олар арасында Қарақалпақстан Республикасында жасайтуғын 2 пуқара ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын 3 пуқара Өзбекстан Республикасы аймағында излеўде болған.

 

2 пуқара арнаўлы конвой автомашинасы арқалы жасаў орны – Қарақалпақстан Республикасына жиберилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.