Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы Жәмийетшилик пенен ислесиў бөлиминиң усы жыл 15-май күнги мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күнге келип коронавирус пенен наўқасланған адамлардың улыўма саны 120 ға жетти. Соннан 110 наўқас кеселликтен толық емленип реабилитацияға шығарылды, ҳәзир 10 наўқас емленбекте. Емленип атырған 10 наўқастың барлығы басқа ўәлаятлардан.

Емленип атырған пуқаралардың саламатлығы жақсы, коронавирус инфекциясы асқыныўы менен өткен аўыр жағдайдағы наўқаслар жоқ.

Бүгинги күнге шекем республикамыз аймағында 14 мың 637 пуқара
14 күнлик медициналық бақлаўға алынған еди. Олардан 14 мың 513 пуқара кеселликтиң клиникалық белгилери жүзеге келмегенлиги, кеселлик анықланбағанлығы себепли 14 күнлик медициналық бақлаў астынан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта 124 пуқарада медициналық бақлаў даўам етпекте, соннан 21 пуқара арнаўлы карантин орынларында, 103 пуқара үйлеринде бақлаўда турыпты.

Карантин дәўиринде республикамызда усы күнге шекем 5276 пуқараға карантин талапларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик шара көрилип, 2 пуқараға жынайый ис қозғалған.

Усы күнге шекем 10 мың 309 пуқара коронавирусқа тексерилип, соннан 120 пуқарада коронавирус инфекциясы тастыйықланды. Кеселликке гуманлы наўқас анықланған жағдайда қыстаўлы үйрениў, шеклеў ҳәм дезинфекциялаў жумыслары даўам етпекте.

Егер Сиз ден саўлығыңызда өзгерис сезип, кеселлик белгилери пайда болған болса ўақытты өткерместен, тезлик пенен тез жәрдем 103 телефон номери арқалы шыпакерге мүрәжат етиўиңиз керек.

 

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.