USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШБШҒА АҒЗА МӘМЛЕКЕТЛЕР СЫРТҚЫ ИСЛЕР МИНИСТРЛЕРИНИҢ МӘЖИЛИСИ

ШҲТга аъзо давлатлар ташқи ишлар вазирларининг учрашуви бўлиб ўтди

2020-жыл 13-май күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Сыртқы ислер министрлери кеңесиниң видеоконференция түриндеги гезексиз мәжилиси болып өтти.

Мәжилисте Ҳиндстан, Пакистан, Қырғызстан, Қазақстан, Россия, Тәжикстан, Қытай ҳәм Өзбекстан сыртқы сиясат уйымларының басшылары, сондай-ақ, ШБШның Бас хаткери ҳәм Регионаллық антитеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры СOVID-19 пандемиясы шараятындағы бирге ислесиў мәселелерин додалады. Коронавирус ақыбетлерине қарсы гүресиў ҳәм кеселликтиң ШБШ мәмлекетлериниң социаллық-экономикалық раўажланыўына тәсирин жумсартыў бойынша әҳмийетли ўазыйпалар бойынша пикир алысылды.

Эпидемияға қарсы гүресиў бойынша зәрүр илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң ис-ҳәрекетлерин муўапықластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Тәреплер денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да жетилистириў ҳәм бул бағдарда ШБШның әмелдеги механизмлериниң жумысын жеделлестириў зәрүрлигин атап өтти. Пандемиядан кейин дүнья жүзи экономикасында басланатуғын қатаң өзгерислер көзқарасынан саўда-экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

photo_2020-05-13_16-21-35 (2).jpg

Мәжилисте Аўғанстанда тынышлық орнатыў, экономиканы тиклеў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыўға жәрдемлесиў мәселелери көрип шығылды.

Илаж қатнасыўшылары Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қутлықлады, мәрт жаўынгерлер, фронт арты мийнеткешлери дүнья жүзин фашизмнен қутқарыўға үлкен үлес қосқаны атап өтилди. Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри А.Камилов қатнасыўшыларға мәмлекетимизде усы әҳмийетли сәнени кеңнен белгилеў бойынша арнаўлы бағдарлама ислеп шығылғаны ҳәм әмелге асырылып атырғаны ҳаққында мағлыўмат берди.

Мәжилис жуўмағында СOVID-19 пандемиясының тарқалыўы мүнәсибети менен ШБШға ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлериниң протоколы қабыл етилди.

photo_2020-05-13_16-21-35.jpg

photo_2020-05-13_16-21-36.jpg

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы