9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында марҳум бажыханашылардың естелиги еске алынды. Ўатанның раўажланыўы жолында жанын пидә еткен бурынғы бажыханашылардың шаңарағынан хабар алынды.
Өз елине, Ўатанына садық ҳәм пидәкер хызмет еткен, халқымыздың тынышлығы ушын жанын пидә еткен инсанлардың естелиги мәңги жасайды.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында хызмет еткен Амангельди Қдиров, Тимур Ордабаевлар өз Ўатаны ҳәм кәсибине садықлық пенен хызмет етип, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў жолында өз жанын қурбан еткен ҳақыйқый ўатансүйгиш перзентлер болып есапланады.
Қәбилетли, мийнетсүйгиш, ҳадал ҳәм тәртипли хызметкер, бажыхана хызметиниң майоры Амангельди Қдиров Үстирт тегислигинде контрабандалық затлар ҳәм товар-материаллық байлықлардың нызамсыз түрде алып өтилиўиниң алдын алыў бойынша алып барылған жедел илажда хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қаҳарманларша қайтыс болған.
Нәўқыран, еле 28 жасқа да толмаған Тимур Ордабаев бажыхана уйымларында хызмет еткен дәўиринде өзиниң шаққанлығы, жуўапкершилиги ҳәм излениўшеңлиги менен заманлас кәсиплеслеринен ажыралып турған. Бажыхана хызметиниң капитаны өз кәсибине, әскерий антына болған садықлығы, Ўатанымыздың экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў жолындағы хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында қайтыс болған.
Ана Ўатанына көрсеткен мәртлигин келешек әўладқа жеткериў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы алдындағы еслеў майданында Амангельди Қдиров ҳәм Тимур Ордабаевлардың атлары жазып қойылды.
Өмирдиң дерлик 20 жылын Бажыхана системасына бағышлаған подполковник Ерполат Юсупов бажыхана ҳуқықы тараўын жақсы билген қәбилетли бажыхана хызметкери еди. Жуўапкершиликли, гөзлеген мақсетине ерисиўде мәртлик ҳәм терең билим және беккем ерк-ықрарға ийе болған инсанның естелиги ол устазлық етип, тараўдың кәсип сырларын үйреткен шәкиртлериниң кеўлинде мәңги жасайды.
Бажыхана хызметиниң майоры Байрам Қалмуратов бажыхана уйымларында 12 жыл даўамында қайсы лаўазымда хызмет етпесин, өзиниң ҳадаллығы, мийнетсүйгишлиги, өткир зейинлиги, шөлкемлестириўшилик мәселелерде белсендилиги ҳәм шәкиртлерине талапшаң ҳәм қаттықоллығы менен ажыралып туратуғын еди. Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында мәлимлеме технологиялары, бажыхана статистикасы, бажыхана қадағалаўын шөлкемлестириў ҳәм шөлкемлестириўшилик-қадағалаў бөлимлери жумысының раўажланыўына мүнәсип үлес қосқан бул хызметкер тилекке қарсы, бүгин арамызда жоқ.
Өмирин Ўатанның раўажланыўы, ел тынышлығы ҳәм халық абаданлығы жолыда арнап, ел-журты алдында өз перзентлик миннетин орынлаў ўақтында шейит болғанлардың естелиги халқымыз ядында мәңги жасайды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы