Өзбекстан Республикасының басламасы менен 12-май күни Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер сыртқы ислер министрлери кеңесиниң видеоконференцбайланыс түриндеги мәжилис болып өтти. Илажға мәмлекетимиздиң сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов басшылық етти.
Мәжилис жумысында Армения Республикасының сыртқы ислер министри Зограб Мнацаканян, Беларусь Республикасының сыртқы ислер министри Владимир Макей, Молдова Республикасының сыртқы ислер министри ҳәм Европа итеграциясының министри Олег Цуля, Әзербайжан Республикасының сыртқы ислер министри Элмар Мамедяров, Қырғызстан Республикасының сыртқы ислер министри Чингиз Айдарбеков, Қазақстан Республикасының сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўберди, Россия Федерациясының сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Тәжикстан Республикасының сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин, Түркменстанның сыртқы ислер министри Рашид Мередов ҳәм ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев қатнасты.
Өзбекстан ҒМДАны көп қырлы әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў, биринши гезекте, саўда-экономикалық байланысларды раўажландырыў, транспорт-транзит потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, қәўипсизликти беккемлеў, сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиў тараўындағы әҳмийетли майдан сыпатында көреди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен мәмлекетимиз өз тарийхында биринши мәрте 2020-жылы ҒМДА басшылығын қабыл етти. Көп тәреплеме бирге ислесиўди избе-из кеңейтиў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў басшылықтың тийкарғы бағдары сыпатында белгиленди.
Усы мақсетте 70 ке шамалас түрли илажларды өз ишине алған басшылықтың Концепциясы ҳәм оны әмелге асырыў режеси тастыйықланды. Усы илажлардың 40ын Өзбекстанда өткериў режелестирилген.
Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри А.Комилов мәжилис қатнасыўшыларын қутлықлап, коронавирус пандемиясы себепли жүзеге келген қурамалы жағдай тез арада артта қалып, жүзбе-жүз көрисиў нәсип ететуғынына исеним билдирди. Сондай-ақ, мәжилис қатнасыўшыларын Екинши жер жүзилик урыста ерисилген Жеңистиң 75 жыллығы менен және бир мәрте қутлықлады. Мәмлекетимизде бул илажға мәмлекет дәрежесинде итибар қаратылғаны, атап айтқанда, Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен пайтахтымыз Ташкентте идеялық ҳәм архитектуралық шешимге бола тәкирарланбас, мазмуны жағынан айрықша Жеңис парки қурылғаны ҳаққында қысқаша айтып берди. Бул мағлыўматлар мәжилис қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятты.
Дослық Аўқамы сыртқы сиясат уйымларының басшылары халықаралық күн тәртибиниң ҳәм ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерин, халықаралық ҳәм регионналлық жумысларда шөлкемниң роли ҳәм орнының ҳәзирги жағдайы, оны күшейтиў перспективаларын көрип шықты, сондай-ақ, бир қатар шөлкемлестириўшилик мәселелерди додалады.
Тәреплер карантин шеклеўлери шараятында саўда-экономикалық ҳәм транспорт-коммуникация тараўларында бар ҳәм жолға қойылған барлық бирге ислесиў механизмлерин сақлап қалыў ҳәм ҒМДА еркин саўда аймағының толық ислеўин тәмийинлеў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Делегациялардың басшылары коронавирус пандемиясының ақыбетлерин сапластырыўда Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин бирлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Сыртқы сиясат уйымлары арасында ҒМДА мәмлекетлери аймағында қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў бағдарындағы қарым-қатнасты беккемлеў ҳәм инвестиция, транспорт, инновация, мәденият, спорт ҳәм жаслар сиясаты тараўларындағы бирге ислесиўди және де күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Дослық Аўқамы халықларының турмыс абаданлығы ҳәм сапасы дәрежесин көтериў мақсетинде жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди инабатқа алыўға тийкарланған бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди.
Қатнасыўшылар ҒМДА сыртқы ислер министрлиги кеңесиниң кейинги мәжилисин усы жыл октябрь айында Ташкент қаласында өткериў ҳаққындағы Өзбекстанның усынысын қоллап-қуўатлады.
Мәжилис жуўмақларына бола, бирге ислесиўдиң түрли бағдарларында 11 ҳүжжетке қол қойылды, күн тәртибиниң барлық мәселелери бойынша өз-ара келисилген қарарлар қабыл етилди. Атап айтқанда, транспорт, билимлендириў, туризм, денетәрбия ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған ҳүжжетлер көрип шығылды ҳәм мақулланды. Бул ҳүжжетлер Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң басшылары ҳәм ҳүкимет басшыларының болажақ мәжилислерине усыныс етиледи.
Дослық Аўқамы мәмлекетлери ҳәм пүткил дүньядағы аўыр эпидемиологиялық жағдайға қарамай, бүгин Өзбекстанның басламасы менен ҒМДА жумысы шеңберинде биринши мәрте видеоконференцбайланыс түринде шөлкемлестирилген Дослық Аўқамы сыртқы ислер министрлери кеңесиниң мәжилиси қызғын ҳәм дослық руўхында өтти.
ҒМДА сыртқы ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисиниң нәтийжелери Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўди системалы раўажландырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, Өзбекстан басшылығы шеңбериндеги ўазыйпаларды толық әмелге асырыўға беккем тийкар жаратады.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы