USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

Өзбекстанның қайсы аймақлары коронавирустан жырақ аймақларға айланады?

Буннан алдын, коронавирус тарқалыўы жағдайының аймақлар кесиминдеги таллаўынан келип шығып, карантин шеклеўлери быйыл 8-майдан баслап үш категорияға кириўши аймақларға ажыратылып, басқышпа-басқыш бийкар етилиўи ҳаққында хабар берген едик.

Атап айтқанда, Наўайы, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары «жасыл» категориядағы аймаққа киргизилген еди.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда коронавирусқа шалынған 80 процент наўқаслар пүткиллей саўалған. 4 аймақ «жасыл» категорияға ерисиў алдында.

Мағлыўмат ушын, «жасыл» категориядағы аймақ коронавирустан жырақ аймақ сыпатында қаралады. Бул категорияға кирген ўәлаятларда коронавирус инфекциясына шалынған шахслар анықланбаған ямаса анықланған шахслар толық саўалған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги