Өзбекстан Республикасы Президенти
Уллы Мәртебели Мырза Шавкат Мирзиёевқа,
Уллы Мәртебели Мырза!
Глобаллық көлемде оқ атыўды тоқтатыў бойынша мен жәриялаған шақырықты қоллап-қуўатлап хат жоллағаныңыз ушын Сизге қызғын миннетдаршылық билдиремен. Усы шақырықты пүткил дүнья жүзи бойлап мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, сондай-ақ, регионаллық шериклер, пуқаралық жәмийети ҳәм диний шөлкемлердиң басшылары тәрепинен унамлы қабыл етилгени мени руўхландырды. Ең әҳмийетлиси, усы шақырыққа бир қатар өз-ара келисе алмай атырған тәреплер дәслепки унамлы мүнәсибетин билдирди.
Келиспеўшиликлерден түрли дәрежеде жәбир көрген ҳәм пандемия алдында және де әззи болып қалғанлар ушын мен елеге шекем қәўетердемен, тыныш халық, әсиресе, ҳаял-қызлар, балалар ҳәм маргиналлық топарларды қорғаў ушын бәршемиз жуўапкер екенимизди бәрқулла атап өтемен. Усы мүнәсибет пенен Сиз басшылық етип атырған мәмлекеттиң регионда жәбир көрген мәмлекетлерге, соның ишинде, Аўғанстан Ислам Республикасына инсаныйлық жәрдем көрсетиў бағдарындағы ҳәрекетлери ушын оғада миннетдарман.
Сизиң Ҳүкиметиңиз тәрепинен Өзбекстан Республикасында вирустың тарқалыўын жылаўлаў, сондай-ақ, пандемияның социаллық-экономикалық, соның ишинде, халықтың мүтәж қатламлары ушын ақыбетлерин жумсартыў бойынша көрилген исенимли илажларды жоқары баҳалайман. Ҳүкиметиңиз ҳәм резидент-координатор басшылығында БМШтың Мәмлекетлик топары арасындағы бирге ислесиў жоқары дәрежеде екени мени руўхландырды.
БМШ қарама-қарсы тәреплер жақсы нийетлери ямаса оқ атыўды ўақтынша тоқтатыў ҳаққындағы билдириўлерден урысты жуўмақлаўға, узақ мүддетли сиясий шешимлер ҳәм турақлы тынышлыққа ерисиўге өтиўине жәрдемлесиў ушын барлық ҳүкимет мәкемелери ҳәм мәпдар шөлкемлер менен бирге ислесиўди даўам еттиреди. Сиз ис-ҳәрекетлеримизди қоллап-қуўатлаўда даўам етесиз, деп үмит етемен.
Сондай-ақ, Сырдәрья ўәлаятында бөгет жарылғаны ҳаққындағы хабарды терең қайғырыў менен қабыл еткенимди атап өтиўди қәлер едим. Оның ақыбетиндеги суў тасқынынан жәбирленген Өзбекстан халқы ҳәм қоңсылас Қазақстан халқына кеўил айтаман. Мүтәж адамларға жәрдем көрсетиўде Өзбекстан ҳәм Қазақстан ҳүкиметлери жақыннан бирге ислесип атырғанын жоқары баҳалайман.
Уллы Мәртебели Мырза, Сизге болған жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.
Ең жақсы тилеклер менен,
Антониу ГУТЕРРИШ
БМШтың Бас хаткери