Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 11-май күни санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кеңнен енгизиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен быйыл «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп жәрияланды. Президентимиздиң Олий Мажлиске быйыл январьда жоллаған Мүрәжатында санлы экономикаға жедел өтиў келеси 5 жылдағы ең тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында белгиленген еди.
Санлы технологиялардың қаншелли әҳмийетли екенлигин бүгинги пандемия шараяты да және бир мәрте дәлийлледи. Билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер, мәмлекетлик басқарыў системасы, саўда ҳәм хызмет көрсетиўдиң ҳәммеси санлы экономикаға байланыслы екени айқын көринип қалды. Жыллар даўамында аралықтан көрсетилмеген хызметлер санаўлы күнлерде онлайн формаға өткериледи.
Экспертлердиң пикиринше, келеси 3 жылда экономиканы санластырыў арқалы дүнья жүзиндеги 22 процент жумыс орынлары интернет технологиялары жәрдеминде жаратылады.
Сол себепли, быйыл 28-апрельде «Санлы экономика ҳәм электрон ҳүкиметти кеңнен енгизиў илажлары ҳаққында» Президент қарары қабыл етилди. Ҳүжжетке муўапық, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигинде санлы экономика менен шуғылланатуғын тутас система жаратылды. Соның ишинде, «Электрон ҳүкимет», экономика тармақлары ҳәм аўыл хожалығын санластырыў, 85 парклер шөлкемлестириў және оларды басқарыў сыяқлы ўазыйпалар толық министрликтиң ўәкиллигине өтти.
Соның менен бирге, қарарда жаңа жойбарлардың финанслық дәреклери де анық көрсетилген. «Электрон ҳүкимет» шеңберинде 1,3 триллион сум муғдарында 104 жойбар, экономиканың реал секторында 5,3 триллион сум муғдарында 87 жойбар, телекоммуникациялар бағдарында 15,1 триллион сум муғдарында 35, аграр тараўда 24, 85 парклер бойынша 18 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген.
Мәжилисте Шавкат Мирзиёев бул жумысларды келеси 2-3 жылда толық әмелге асырмасақ, ҳәр бир кешиккен жылымыз мәмлекетимизди 10 жыл артқа тартады, деп атап өтти.
Хызметлерди санластырыў бағдарындағы ҳәзирги жағдай талланды. Атап өтилгениндей, мәмлекетлик уйымларда 700 ден аслам мәлимлеме системаларының дерлик 30 проценти «Электрон ҳүкимет» системасына жалғанған. Мәмлекетлик хызмет көрсетиўши 80 уйымның дерлик 27 си Мәмлекетлик хызметлер агентлигине интеграцияланған.
Президентимиз министрликлер ҳәм уйымларда мәлимлеме технологияларын қолланыў дәрежесине қарап ондағы басшылардың айлық сыйлықлаў пулын арттырыў ямаса азайтыў системасын жолға қойыў бойынша тапсырма берди.
Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматлар базасын классификациялап, оларды уйымлараралық интеграциялық платформаға жалғаў, электрон бирге ислесиўдиң бирден-бир технологиялық талапларын енгизиў ўазыйпасы қойылды.
Пандемия тәсирин есапқа алып, ең зәрүр болған мәмлекетлик хызметлерди жедел түрде электрон формаға өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ташкент қаласында электрон медицина картасы, электрон емлеўхана ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем системаларын енгизиў, социаллық напақалардың есабын жүргизиўге мөлшерленген «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»н усы жылдың ақырына шекем иске қосыў бойынша тапсырма берилди.
Мәмлекетлик салық комитетине саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин онлайн қадағалаў касса машиналарына өткериў, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин маркировкалаў ҳәм электрон есап-фактура системасын енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.
Келеси бес жылда санаат кәрханаларында мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў есабынан өзине түсер баҳаны орташа 13-15 процентке пәсейтиў мүмкин.
Транспорт министрлигине темир жолларда жүк тасыў ҳәм Ташкент қаласында жәмийетлик транспорт хызметлериниң төлеми ушын автоматластырылған системаларды иске қосыў, барлық транспортларға бирден-бир электрон билет енгизиўди жеделлестириў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәжилисте мәлимлеме технологиялары инфраструктурасын раўажландырыў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Жәҳән банкиниң есабатына бола, кең полосалы интернет тармағын 10 процент кеңейтиў есабынан жалпы ишки өнимди кеминде 1 процент өсириў мүмкин.
Быйылғы жылы оптикалық талшықлы байланыстың қамтып алыўын мектепке шекемги билимлендириў системасында 41 проценттен 100 процентке, халық билимлендириўинде 40 проценттен 70 процентке, денсаўлықты сақлаў тараўында 38 проценттен 100 процентке жеткериў ўазыйпасы белгиленген. Бул көплеген аўылларды интернет тармағына жалғаў имканиятын береди. Сол себепли, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине социаллық объектлерди жоқары тезликтеги интернет пенен тәмийинлеў, оператив мобиль интернеттиң қамтып алыўын жылдың ақырына шекем 90 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күнде серверлер толып баратырғанлығы, тараўдағы 300 ден аслам жойбарды әмелге асырыў ушын 10 есе көп қуўатлы серверлердиң зәрүр екенлиги атап өтилди. Мәлимлемелерди қайта ислейтуғын орайларды көбейтиў, сырт ел кредитлерин тартып, жойбар баҳасы 30 миллион долларлық «дата центр» қурыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәлимлеме технологиялары аўыл хожалығы, жерди есапқа алыў ҳәм мониторинг етиўде де оғада қолайлы болады. Мәселен, жерди космослық зондлаў арқалы егислик майданларды, вегетация процесин, жердиң мелиоративлик жағдайы ҳәм минералласыў муғдарын үйрениў мүмкин. Бул агротехникалық илажларды анық белгилеп, өнимдарлықты 25-30 процентке шекем арттырыў имканиятын береди.
Жуўапкерлерге жер майданы ҳәм суў есабын жүргизиўдиң электрон системаларын ислеп шығыў, аўыл хожалығында егинлерди жайластырыўдан баслап, сатыўға шекемги болған процесслерди толық санластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Елимизде мәлимлеме технологиялары тараўында 60 мың адам мийнет етпекте. Мәжилисте бул жетерли емес екенлиги атап өтилип, тараў қәнигелерин қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарларға, бәринен бурын, жергиликли технопарклердиң резидентлерин тартыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Келеси оқыў жылында «1 миллион программист» жойбарына 47 мың оқыўшыны қамтып алыў, тараўға тийкар жаратыў ушын мектеплерде 7-класстан баслап программаластырыў тийкарларын оқытыўды жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте жуўапкерлер тараўдағы илажлардың орынланыўы бойынша есабат берди.
ӨзА