USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

УРЫС ҚАТНАСЫЎШЫЛАРЫ ҲӘМИЙШЕ ҲҮРМЕТ-ИЗЗЕТТЕ

                                 ЕСЛЕЎ ҲӘМ ҚӘДИРЛЕЎ КҮНИ

9-май- Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Қарақалпақстан Республикасында да карантин қағыйдаларына муўапық белгиленди.

Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары орынларда турып, пайтахтымыз Ташкент қаласында онлайн видеобайланыс арқалы  өткерилген байрам илажына қатнасты. Онда Президентимиздиң Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен байрам қутлықлаўындағы қарақалпақстанлы урыс қатнасыўшылары ҳаққында билдирген пикирлери бәршеде шексиз мақтаныш сезимлерин пайда етти. 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урысқа көп миллетли Өзбекстан халқы қатарында Қарақалпақстан Республикасынан да 66 мыңнан зыят жас атланған болса, соннан 34 мыңға жақынына туўылған елге қайтыў несип етпеди. Буннан тысқары, халқымыз урыс жылларында «Ҳәмме нәрсе – фронт ушын, ҳәмме нәрсе- жеңис ушын!» сүрени астында тылда пидәкерли мийнет етти.

Бүгинги күни 11 урыс қатнасыўшысы ғана арамызда жасамақта. Солардан бири қанлыкөлли Оразбай ата Наметуллаев болып табылады. Ол фашизмге қарсы гүресте мәртлик ҳәм қаҳарманлық үлгисин көрсетти. Украина. Молдова, Венгрия мәмлекетлерин азат етиўде қатнасқан күнлерин көзинде жас пенен еслейди. Жүз жасқа шамаласқан атамызға бүгинги тыныш өмир көриў несип етип, бахытлы заманда ғаррылық гәштин сүрмекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов урыс қатнасыўшысын 9-май улыўмахалықлық байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, сондай-ақ, 1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңистиң  75 жыллығы менен қызғын қутлықлады. Ветеранға 10 000 000 (он миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлық, Өзбекстан Республикасының ҳәм Россия Федерациясының «1941-1945-жыллардағы Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң  75 жыллығы» медальлары, «Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» атлы китап-альбомды, «Өзбекстанлы Екинши жер жүзилик урыс қаҳарманлары» атлы китапты тапсырды.

Усы күни Екинши жер жүзилик урыста ерисилген жеңистиң 75 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласы Еслеў майданындағы  «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси, ҳуқық қорғаў уйымлары, әскерий хызметкерлер атынан  гүл шеңберлери қойылды. Карантин себепли илажларда кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспаған болса да, байрам ҳәр бир шаңарақта белгиленди. Елимиздиң тынышлығы, перзентлеримиздиң бахытлы келешеги, халқымыздың абадан турмысы жолында өмирин пидә еткен урыс қатнасыўшыларының, тылда мийнет еткен ветеранларымыздың қаҳарманлық ислери еске алынды. Олардың ерлиги ҳеш қашан умытылмайды, ҳәмийше халқымыздың ҳүрмет-иззетинде болып қалады.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.Ҳәбийбуллаевтың түсирген сүўретлери