Көп миллетли Өзбекстан халқы пүткил раўажланып баратырған инсаният қатары 1941-1945-жылларда Екинши жер жүзилик урысында белсенди қатнасып, уллы жеңисти тәмийинлеўге мүнәсип үлеси қосты.
Өзбекстан халқының урыс жылларында көрсеткен мәртлик ҳәм қаҳарманлықлары, фронт артында өткен қыйын ҳәм машақатлы турмысы биз ушын үлкен турмыс мектеби, мақтаныш дәреги болып, ўақыт өткен сайын бул өлмес қәдириятлардың әҳмийети барған сайын артып бармақта.
Уллы жеңистиң 75 жыллығы және Еслеў ҳәм қәдирлеў күни мүнәсибети менен халқымыздың урыс жылларындағы үлкен мәртлиги ҳәм ерлигин анық тарийхый хүжжетлер тийкарында жас әўладқа жеткериў, урыс ҳәм мийнет фронтында зыян көрген инсанлардың әзиз атларын мәңгилестириў мақсетинде «Өзбекстан» баспасында «Өзбекстан халқының фашизм үстинен ерисилген жеңиске қосқан үлеси» атлы китап-альбом таярланып, «Колор-пак» баспаханасында өзбек, орыс ҳәм инглиз тиллеринде 20 мың нусқада басылып шығарылды.
Бул китап-альбом Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Екинши жер жүзилик урыста фашизм үстинен ерисилген жеңиске Өзбекстан халқының қосқан мүнәсип үлесине бағышланған китап-альбомды басып шығарыў илажлары ҳаққында»ғы бийлиги тийкарында Илимлер академиясының Өзбекстанның ең жаңа тарийхы мәселелери бойынша Муўапықластырыўшы-методикалық орайының илимий хәзметкерлери тәрепинен бир қатар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте таярланды.
Бул басылымда елимиз ҳәм сырт еллердеги архив ҳәм музейлерде, урыс қатнасыўшылары ҳәм олардың шаңарақларында сақланып атырған, еле көпшиликке мәлим болмаған айрықша тарийхый фактлер ҳәм мағлыўматлар, суўретлер, хатлар, еслеўлер жәмленген.
Китапта өзбекстанлы әскерлердиң қанлы саўашларда көрсеткен мәртликлери, Брест қорғаны, Москва босағасы, Сталинград, Курск, Ленинградты азат етиў ҳәм Берлин ушын болған саўашлардағы қаҳарманлықлары тарийхый фактлер тийкарында сәўлелендирилген.
Өзбекстанлы қаҳарман әскерлер ҳәм офицерлер ҳаққындағы жаңа мағлыўматлар, соның ишинде, 24 жасында Совет Аўқамы Қаҳарманы болған Қўчқор Турдиев, генерал Сабыр Раҳимов, Шараф Рашидов, Зебо Ғаниева, Мамадали Топиволдиев, Аҳмаджон Шукуров ҳәм басқа да көплеген ўатанласларымыздың мәртликлери ҳаққындағы тарийхый үзиндилер китаптың мазмунын және де байытқан.
Урыста бес перзентинен айрылған Зулфия апа Закированың мәртлиги тымсалында жүз мыңлаған аналарымыздың беккем ерк-ықрары, үлкен сабыр-тақаты өз көринисин тапқан.
Сол жалынлы жылларда Өзбекстанда жети жастан жетпис жасқа шекем халқымыз «Ҳәмме нәрсе – фронт ушын, ҳәмме нәрсе- жеңис ушын!» деп жасап, тынышлықтан ўаз кешип, тынымсыз қыйын мийнет еткени анық мысаллар арқалы сәўлеленип берилген.
Фашизмге қарсы гүресте елимиздиң зыялылары, илим, әдебият ҳәм көркем өнер ўәкиллериниң қосқан мүнәсип үлеси да китап-альбомда ҳәр тәреплеме көрсетилген.
Бул басылымда сондай-ақ, фронт аймақларынан көширип келтирилген мыңлаған адамларға баспана берген, ата-анасынан айрылған балаларды «Сен жетим емессең!» деп өз қушағына алған өзбек халқының жоқары адамгершилик пазыйлетлери ҳаққында сөз етиледи.
Өзбекстанда эвуакацияда болған шахслардың естеликлери, фронтта қатнасқан ҳәм оның артында мийнет еткен ўатанласларымыздың кеўил азаплары көрсетилген бетлер де китап-альбомнан орын алған.
* * *
Қутлы байрам қарсаңында «Шарқ» баспа-полиграфия акционерлик компаниясы тәрепинен және бир жаңа басылым – «Өзбекстанлы Екинши жер жүзилик урыс қаҳарманлары» атлы китап өзбек тилинде кеңнен оқыўшыларға усынылды.
Жаңа анықланған тарийхый мағлыўматлар тийкарында таярланған бул китапта Екинши жер жүзилик урыста шын мәнисинде мәртлик үлгилерин көрсетип, Советлер Аўқамы Қаҳарманы деген жоқары абырайға ерискен өзбекстанлы әскерлер ҳәм офицерлер, генераллар, сондай-ақ, өзиниң мәртлиги менен үш дәрежедеги «Слава» ордени менен сыйылықланған ўатанласларымыз ҳаққындағы мағлыўматлар хронологиялық түрде келтириледи.
Китаптан атлары орын алған адамлардың барлығы миллети, тили ҳәм динине қарамастан, жанажан Ўатанымызды қорғаўға, оның абаданлығы ҳәм абатлығы жолында пидәкерлик хызмет көрсеткен, турмысы ҳәм жумысы Өзбекстан менен байланыслы болған қаҳарманлар болып есапланады.
Мәмлекетимиздиң басшысы атап өткениндей: «Екинши жер жүзилик урыс жылларында фашизмге қарсы гүресте көп миллетли Өзбекстан халқы тәрепинен әмелге асырылған уллы тарийхый жумысларды келеси әўладларға анық мысаллар тийкарында жеткериў, оларды мәртлик ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў оғада үлкен әҳмийетке ийе»
Халқымыздың жақын өтмишиндеги даңқлы тарийхы, адамзатты фашизм бәлесинен қутқарыўға қосқан үлкен үлеси, жеңилмес ерк-ықрары ҳәм мәртлигинен сөзлеўши усы басылымлар елимизде адам естелиги әзиз ҳәм муқаддес екенин көрсетиў менен бирге, ҳәр биримизди урыстың қорқынышлы ўақыяларын умытпаслыққа, бүгинги тыныш турмысты қәдирлеп жасаўға шақырады.
ӨзА