Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 7-май күни Әндижан, Наўайы және Сурхандәрья ўәлаятлары район ҳәм қалаларының экономикалық потенциалын арттырыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Елимиздиң ҳәр бир аймағы өзине тән. Ҳәр бир ўәлаят ишиндеги районлардың имканиятлары да бир-бирине уқсамайды. Сонлықтан Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың экономикасын раўажландырыў мәселелери айрықша, мәнзилли түрде додаланып барылмақта.
Мәмлекетимиз басшысы орынларға шығып, халық пенен сөйлесип, белгиленип атырған илажлардың актуал ҳәм әмелий болыўына үлкен итибар қаратпақта.
– Сонша ис-ҳәрекетлеримиз, қабыл етип атырған қарарларымыз аўылдағы әпиўайы адамлардың турмысына қандай өзгерис алып кирип атыр, дәраматы көбейди ме, жумысқа жайласты ма, баласы оқыўға кирди ме, үйли-жайлы болды ма, тойып аўқатланып атыр ма, таза суў ишип атыр ма, деген сораўлар мени жүдә қыйнайды. Бул барлық дәрежедеги басшылардың халқымыз алдында жуўап бериўи керек болған ең тийкарғы сораўларынан болып есапланады, – деди Президент.
Орайдағы басшылар қарарлар қабыл етиўде ҳәкимлердиң улыўма есабатлары менен шекленип қалып атырғаны сынға алынып, буннан былай аймақларға байланыслы ҳәр бир мәселени анық район, аўыл, мәҳәлле, тараў ҳәм кәрхана кесиминде, машқаланың ең төменги тамырына шекем түсип, оны шешиў зәрүрлиги атап өтилди. Бағдарламалар ислеп шығыўды ҳәр бир аўылдан баслаў, қайсы аўылда, қайсы бағдарды раўажландырыў, оған қанша қаржы ажыратыў керек екенлигин анық көрсетиў талабы қойылды.
Мәселен, Сурхандәрьяда 55 мың, Әндижанда 41 мың, Наўайы ўәлаятында 14 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў керек. Киши кәрханаларды көбейтиў, өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў арқалы халықтың абаданлығын арттырыў зәрүр.
Мәжилисте буның ушын үш бағдардағы жумысларға қосымша түртки бериў зәрүрлиги көрсетип өтилди.
Биринши бағдар – өндиристи раўажландырыў, бар шийки затты терең қайта ислеў, ҳәр бир район, аўыл ҳәм мәҳәллени қәнигелестириў.
Әндижан, Наўайы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында өндиристиң тийкарғы бөлеги бир тармаққа ямаса республика қарамағындағы кәрханалардың үлесине туўра келеди.
Атап айтқанда, Әндижанда санаат өндирисиниң 69 процентин автомобиль қурылысы, Наўайыда болса 72,5 процентин кән-металлургия қурайды. Сурхандәрья санаатының елимиздеги үлеси тек ғана 1,5 процент, жалпы аймақлық өнимдеги үлеси болса тек ғана 8 процент болып, республикамыздағы ең төмен көрсеткишлерден болып есапланады.
Мәжилисте бул аймақларда санаат тармақларын диверсификациялаў ушын барлық имканиятлардың бар екенлиги атап өтилип, бул бойынша илажлар белгиленди.
Атап айтқанда, Әндижан ўәлаяты Хожаабад районында интакерлерге 32 тигиў-трикотаж кәрханасы ушын орын ажыратыў бойынша көрсетпе берилди. Бул кәрханаларда 6,5 мың жумыс орны жаратылады.
Булоқбошы районы таўлы аймағындағы кәнлерди өзлестирип, қурылыс материалларын ислеп шығарыўды жолға қойыў, Алтынкөл районы Ижтимоят мәҳәллесинде мебель таярлаўды санаат дәрежесине алып шығыў мүмкин екенлиги атап өтилди.
Асака районындағы автомобиль заводының жанында, өнимдарлығы төмен жерлерде киши санаат зонасын шөлкемлестирип, комплектлеўши бөлеклерди ислеп шығарыў көлемин арттырыў бойынша тапсырма берилди.
Наўайы ўәлаяты Нурата районындағы «Сувлик Гранит» кәниниң электр тармағын реконструкциялаў арқалы Истиқлол мәҳәллесиндеги 450 халықты жумыс пенен тәмийинлеў мүмкин. Тамды районында фосфорит, шийше, цемент, пардозлаў ушын қолайлы таслар ҳәм ҳәк резервлери бар. Үшқудық районында қайтадан геологиялық үйрениўлер өткерилсе, және көп имканиятлар ашылады.
Сурхандәрья ўәлаяты Шерабад районында гилем тоқыўшы өнерментлер бар. Банидихан районында болса гилем ушын зәрүр шийки зат – қой ҳәм ешки жүни көп. Усы қоңсы районлар арасында кооперацияны жолға қойыў арқалы жылына 85 тонна жүнди ҳәм терини қайта ислеў мүмкин.
Алтынсай районында электр тәмийнатының жақсы емеслиги себепли жылына жетистирип атырған 80 мың тонна жүзим ҳәм 13 мың тонна ғәллени қайта ислеў имканияты шекленбекте. Сондай-ақ, бул жерде қурылыста талап болған 10 миллион тонна пардозлаў ушын қолайлы тас резерви бар.
Мәмлекетимиз басшысы усындай көплеген имканиятларды көрсетип өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигине ўәлаят ҳәкимлери менен бирге Әндижан, Наўайы ҳәм Сурхандәрьяда 33 гектар жер ҳәм 5,3 квадрат метрлик бос имаратларда 10 жаңа киши санаат зонасын шөлкемлестириў ўазыйпасы қойылды.
Екинши бағдар – орынларда инвестициялық ҳәм туристлик потенциалды арттырыў, сервис хызметлерин жақсылаў ушын инфраструктура объектлерин раўажландырыў.
Мәжилисте Әндижан, Наўайы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында бул бағдардағы жағдай районлар кесиминде талланды.
Мысал ушын, Ханабад қаласының хызмет көрсетиў бойынша Әндижан ўәлаятындағы үлеси тек ғана 1 процентти қурайды. Негизинде ол жердеги шыпалы суўларды өзлестириў арқалы саламатландырыў туризмин жолға қойыў, шыпалы суў ислеп шығарыў имканияты бар.
Наўайы ўәлаяты Қизилтепа районындағы Тодакөл суў сақлағышы және Нәўбәҳәр районындағы «Сармышсай» аймағына алып баратуғын жолларды оңлаў ҳәм туристлик зоналарды шөлкемлестириў арқалы оларға туристлердиң ағымын бир неше есе көбейтиў мүмкин.
Сурхандәрья ўәлаяты Олтинсой районында бирде-бир базар жоқ. Оннан тысқары, район аймағынан өткен «Мангузар-Термиз-Денов» автомобиль жолында заманагөй саўда ҳәм хызмет көрсетиў орайларын қурыўға болады.
Мәжилисте хызмет көрсетиўдиң бундай барлық резервлерин есап-санақ етип, оларды иске түсириўге исбилерменлерди тартыў бойынша тапсырмалар берилди.
Үшинши бағдар – аўыл хожалығында өним ислеп шығарыўды көбейтиў ҳәм усы арқалы экономикалық өсиўди тәмийинлеў. Әндижан районы Мирабад мәҳәллесиниң халқы ашшы бурыш егип, жылына 2 мың тоннаға шекем өним алмақта. Оннан тасқары, басқа аймақлардан жылына 3-4 мың тонна сатып алып, қайта ислейди. Избаскан районы Жоқары Чувама мәҳәллесиндеги мың хожалықта таў ғозасы ҳәм писте жетистириледи. Бул мийнеткеш адамларға қосымша жер ажыратыў арқалы өнимлерди қайта ислеў ҳәм жумыс орынларын көбейтиў мүмкин екенлиги көрсетип өтилди.
Наўайы ўәлаятында 8 миллион гектардан аслам жайлаў жерлери болып, шарўашылықты, әсиресе, қой ҳәм ешкишиликти раўажландырыў ушын үлкен имканият бар. Оның ушын қудықлар қазып, жаңа шарўашылық хожалықларын шөлкемлестириў зәрүр. Нәтийжеде 500 ден аслам адам мийнет пенен бәнт болады. Атап өтилгениндей, бул шарўашылық жойбарлары үлги сыпатында әмелге асырылып, Наўайы тәжирийбеси жаратылады.
Сурхандәрья ўәлаятының тәбийғый ықлым шараяты басқа аймақлардан парқланып, үлкеде еки-үш мәрте зүрәәт алыў, ыссыны сүйгиш өсимликлерди жетистириў имканияты бар.
Мысал ушын, Шерабад районының әнарларына талап жоқары. Бирақ, әнар атызлары тек ғана 32 гектарды – райондағы егислик майданлардың 0,1 процентин қурайды. Зүрәәтлиги төмен пахта ҳәм ғәлле майданларының орнына әнар плантациялары қурылса, 10 есе көп дәрамат алыў, 30-40 миллион долларлық өнимди экспорт етиў мүмкин.
Музрабад районында 2 мың, Қумқорған районында 1,2 мың гектар пайдаланыўдан шыққан жерлерди өзлестирип, бәнт болмаған халыққа бөлип бериў ҳәм ерте өнетуғын өнимлер жетистириўди көбейтиў керек екенлиги атап өтилди. Буның нәтийжесинде дерлик 4 мың жаңа жумыс орны жаратылады.
Мәжилисте тийкарғы ҳәм бағдың қатар араларына егин егиў, аўыл хожалығы өнимлерин көбейтип, баҳаның турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине және бир мәрте тоқтап өтилди.
– Ҳәр бир басшыс өз жумыс усылын өзгертип, әпиўайы адамлардың имканиятын ҳәм көнликпелерин есапқа алып, әмелий жойбарлар исленсе ғана тезирек нәтийже болады. Аўылда, мәҳәлледе өзгерис болса, экономика да раўажланады, деди Шавкат Мирзиёев.
Видеослектор мәжилисинде Әндижан, Наўайы ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары ҳәкимлери, тармақлардың басшылары есабат берди.
ӨзА