Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев Жаноби Олийларига

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Балалығым ҳәм жаслық жылларым өткен ана журтымдағы аға-инилерим ҳәм апа-қарындасларым менен ҳәзирги эпидемиологиялық қыйыншылықларға шерик болар екенмен, Сардоба суў сақлағышында жүз берген апатшылық ҳаққындағы хабарды, сондай-ақ, оны адамларымыз мүнәсип ҳәм мәртлик пенен қабыл еткенин жүрегимде дәрт пенен  сездим.

Муқаддес Рамазан айында Алланың өзи мени Ўатанымызға шақырды, бул дәўирде биз жәрдемге мүтәж адамларға өз алдына ғамқорлық етиўимиз ҳәм жәрдем бериўимиз керек. Биз қуўанышлы ўақытларда да, басымызға қайғы-тәшўиш түскенде де, бир-биримизди ийинлес турып қоллап-қуўатлаймыз. Мен халқымыздың тәғдирине бийпәрўа қарап тура алмайман ҳәм сол себепли суў тасқынынан жәбирленгенлердиң турмысын тиклеў ҳәм жақсылаў, апатшылықтың ақыбетлерин жедделик пенен сапластырыўға жәрдем көрсетиў ушын 10 миллион доллар берип атырман.

Мен халқымыздың дуўаларына қосылып, олардың басына түскен күтилмеген сынақлардан тезирек қутылыўын Алладан сорап қаламан.

 Ҳүрмет пенен,                  Алишер УСМАНОВ

 

ӨзА