Өзбекстан Республикасына коронавирустың кирип келиўин ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша Республикалық арнаўлы комиссияның

МӘЛИМЛЕМЕСИ

Усы жылдың 29-апрель ҳәм 5-май күнлери өткерилген видеоселектр мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коронавирус пенен байланыслы жағдай унамлы тәрепке өзгерип барыўы менен карантин талапларын басқышпа-басқыш жумсартыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жоқарылардағыдан келип шығып, Республикалық арнаўлы комиссияның 2020-жыл 6-майдағы мәжилис протоколына муўапық коронавирус тарқалыўы жағдайының аймақлар кесиминдеги талланыўынан келип шығып, карантин шеклеўлери усы жылдың 8-майынан баслап төмендеги үш категорияға киретуғын аймақларға ажыратылып, басқышпа-басқыш бийкарланып барылады.

Биринши – «қызыл» категориядағы аймақ – кейинги 14 күн ишинде коронавирус инфекциясына шалынған шахслар анықланған аймақлар  (Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Наманган, Ферғана, Самарқанд, Ташкент, Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятлары). Онда «қызыл» аймақта карантин шеклеўлери сақлап қалынады және жағдайға қарап қайта көрип шығылады.

«Қызыл» аймақларда төмендеги жумыс түрлерине руқсат бериледи:

  • азық-аўқат саўда дүканлары, азық-аўқатлық емес өнимлериниң көтере саўда дүканлары, қурылыс материаллары базарлары, тигиў цехлары, коммерциалық банклердиң объектлердеги шақапшалары (кассалары), химиялық тазалаў, нотариал уйымлар, адвокатура ҳәм қамсызландырыў  шөлкемлери, аяқ кийим оңлаў устаханалары, шарўашылық, терини қайта ислеў кәрханалары, оператив аўқат таярлаў орынлары (жеткерип бериў ҳәм алып кетиў ушын), медицина мәкемелериниң жумысы;
  • аўыл хожалығы өнимлерин жыйнаў, орынларға жеткериў ҳәм сатыў, туқым ҳәм нәл жетистириў және оларды сатыў, автомобильлерге аўысық бөлеклер сатыў, өнермент ҳәм усталар, олар тәрепинен жасалған буйымларды саўда орынларынан тысқары бөлек жайласқан орында (дүкан) сатыў;
  • объектлерде қурылыс, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў, жеке тәртиптеги қурылыс ҳәм оңлаў жумысларын әмелге асырыў, жеке тәртиптеги қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары, жеткерип бериў хызмети;
  • көп қабатлы турақ жайлардың тиккелей алдында ҳәм ишки ҳәўли аймақларында жәмийетлик аралықты сақлаған ҳәм нықап таққан ҳалда сейил етиў.

Екинши – «сары» категориядағы аймақ – ақырғы 14 күн даўамында коронавирус инфекциясына шалынған шахслар анықланбаған, бирақ бул кеселликке шалынған ҳәм емленип атырған шахслар бар болған аймақлар (Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятлары, Ташкент қаласы). «Сары» аймақларда айырым шеклеўлер сақлап қалынады.

«Сары» аймақларда, «қызыл» аймақларға қосымша түрде және төмендеги жумыс түрлерине руқсат бериледи:

  • азық-аўқатлық емес өнимлериниң усақлап сатыў дүканлары, зергерлик ҳәм гүл сатыў дүканлары, шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары (арнаўлы талаплар тийкарында) және мийманханалардың (хостеллер ҳәм мийман үйлери буған кирмейди) жумысы;
  • автомашиналарды жуўыў шақапшаларының жумысы, автомобильлер, аўыл хожалығы ҳәм қурылыс техникаларына техникалық хызмет (сервис) көрсететуғын шөлкемлердиң жумысы;
  • өнерментшилик, турмыслық үскенелер ҳәм электрон қурылмаларды оңлаў устаханаларының жумысы;
  • жөнелиссиз таксиде арнаўлы талаплар тийкарында жолаўшы тасыў, велосипед ҳәм скутерде ҳәрекетлениў.

Үшинши – «жасыл» категориядағы аймақ – коронавирус инфекциясына шалынған шахслар анықланбаған (ямаса анықланған шахслар толық емленген) аймақлар (Наўайы, Жиззақ ҳәм Қашқадәрья ўәлаятлары);

«Жасыл» аймақларда, жоқарыдағыларға қосымша түрде парк ҳәм дем алыў парклериниӊ жумысына (аттракцион ҳәм кеўилашар объектлердиң жумысы буған кирмейди), автотранспортлардың стикерсиз ҳәрекетине, және мәмлекетлик шөлкемлерде пуқаралардың қабыллаўларына да руқсат етиледи.

«Жасыл» ҳәм «сары» категориядағы аймақларда жөнелиссиз таксилерге жолаўшы тасыўға, шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары және саўда комплекслериниң жумыс ислеўине төмендеги талаплар тийкарында ғана руқсат бериледи:

  • жөнелиссиз таксилер – жолаўшы тасыў ушын автотранспорт қуралының салонында айдаўшының орны жолаўшылардың орнынан таза пластикалық ямаса арнаўлы плёнка менен тосылған болыўы, айдаўшы ҳәм жолаўшы медициналық нықапта болыўы (медициналық нықапсыз жолаўшыны тасыў қадаған етиледи), жолаўшыларды автотранспорт қуралының салоны артқы орынлығына өткерилиўи және тек өз (автотранспорт қуралы мәмлекетлик дизимнен өткерилген) аймағында ҳәрекетлениўи тийис;
  • шаштәрезхана ҳәм гөззаллық салонлары – хызмет көрсететуғын шахслар тәрепинен жеке қорғаныў қураллары – медициналық халат ямаса комбинезон, медициналық нықап (N 95 ямаса қабат-қабат 2 әпиўайы спанбонд нықаплы), бетти толық жаўатуғын қорғаныў маскасы ҳәм медициналық қолғапдан пайдаланған ҳалда «1 хызмет көрсетиўши шахс – 1 қарыйдар» принципи тийкарында жәмийетлик аралықты сақлаған ҳалда ислеўи тийис
  • саўда-комплекслери – қатаң жәмийетлик аралықты сақлаған ҳалда руқсат етиледи, онда саўда комплексиниң аттракцион, кеўилашар, аўқатланыў бөлимлери, кинотеатр ҳәм ойын майданшаларының жумысына руқсат берилмейди.

Автотранспорт қуралларының стикерсиз, сондай-ақ, мототранспорт ҳәм веосипедлердиң ҳәрекетлениўине «жасыл» аймақларда руқсат етиледи.

«Сары» ҳәм «қызыл» аймақларда автотранспорт қураллары стикерсиз ҳәр күни 07:00 ден -10:00 ге шекем,  17:00 ден- 20:00ге шекем ҳәрекетлениўи мүмкин.

Сондай-ақ, барлық категориядағы аймақлар ушын төмендеги мәжбүрий талаплар сақлап қалынады:

  • жәмийетлик аралықты (2 метр) сақлаў, пуқаралардың медициналық нықапдан және антисептикалық қураллардан пайдаланыўы;
  • билимлендириў шөлкемлери, оқыў курслары, кеўилашар объектлер, буйым базарларының жумысы ҳәм жәмийетлик транспортының ҳәрекетин жолға қоймаў;
  • барлық түрдеги ғалабалық илажлар, шаңарақлық мәресимлер, мерекелерди (жерлеў мәресимлери 10-15 адамнан көп болмаған жағдайлар буған кирмейди) өткермеў;
  • дийқан базарлары ҳәм азық-аўқат саўда орынларын пирометрлер ҳәм антисептикалық қураллар менен үскенелеў, ҳәр бир пуқараның температурасын өлшеп, 37° C ҳәм оннан жоқары жағдайларда усы комплекслерге киргизбеў;
  • барлық шөлкемлердиң кириў-шығыў орынларын пирометрлер ҳәм антисептикалық қураллар менен тәмийинлеў және хызметкерлер тәрепинен жәмийетлик аралықты сақлаған ҳалда жумыс ислеўин тәмийинлеў;
  • қурылыс-оңлаў жумысларында объектлер аймағын толық карантинге алыў ҳәм оларда санитариялық-гигиеналық илажларды әмелге асырып барыў.

Жоқарыдағылардан тысқары, ўәлаятлараралық ҳәм қалалараралық қатнаўларды әмелге асырыў бойынша белгиленген шеклеўлер сақлап қалынады. Онда:

  • турақлы дизимнен өткен ҳалда «қызыл» категорияға киретуғын аймақларда жумыс (хызмет) ислеўди әмелге асырып атырған мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер (мәмлекетлик емес шөлкемлерде-жумыс бериўши тәрепинен берилетуғын тийисли руқсатнама тийкарында) хызметкерлерге усы аймаққа кириўге ҳәм шығыўға;
  • аўыл хожалығы өнимлериниң набыт болыўының алдын алыў мақсетинде халықтың талапларынан келип шығып, фермерлер ҳәм дийқанлар тәрепинен жетистирилген мийўе-овощ, палыз өнимлерин орынларға жеткериў ҳәм сатыў мақсетинде ўәлаятлараралық ҳәм қалалараралық қатнаўларды әмелге асырыўға руқсат бериледи.

Усы қарар менен елимизде коронавирус пенен байланыслы жағдай және де жақсыланып, бул бойынша унамлы динамиканы тәмийинлеў мақсетинде «қызыл» категорияға киретуғын аймақларда әмелдеги белгиленген карантин шеклеўлери сақлап қалынбақта.

Өз гезегинде, «қызыл» категорияға киретуғын аймақларда  карантин шеклеўлериниң талапларын орынламаў, сондай-ақ, «жасыл» ҳәм «сары» категорияға киретуғын аймақларда усы қарар менен руқсат берилген жумыс түрлерин орнатылған арнаўлы талапларға әмел етпеген жағдайда әмелге асырыў тийисли жуўапкершиликке себеп болады.

ӨзА