2020-жыл 6-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң мәжилиси болып өтти.
Парламент жоқары палатасының Баслығы Танзила Норбоева Кенгаш мәжилисин ашып, бүгинги сынақлы күнлерде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылған жедел ҳәм әҳмийетли илажлар өзиниң унамлы нәтийжесин берип атырғаны, қыйын жағдайда халық пенен бирге болғаны, қысқа ўақытта үлкен жумыслар әмелге асырылып, турмыстың өз қәлпине түсип атырғанынан халқымыз қуўанып атырғанын айрықша атап өтти.
Бул процессте сенаторлар ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлары да белсене қатнасып, интакерликти буннан былай да арттырыўы, халқымыз турмысының жақсыланыўы жолындағы ҳәр бир ийгиликли иске жақыннан жәрдемлесиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Мәжилисте Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилисин быйылғы жылы 11-май күни шақырыў ҳаққында қарар қабыл етилди.
Видеконференцбайланыс түринде өткерилетуғын жалпы мәжилисте 20 мәселе, соның ишинде, 10 нызам көрип шығылыўы режелестирилген. «Саломатлик» орденин енгизиў ҳаққында»ғы, «Соғлом турмуш» медалын енгизиў ҳаққында»ғы, «Фахрий мураббий» орденин енгизиў ҳаққында»ғы жаңа нызамлар мине усылар қатарына киреди.
Соның менен бирге, «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы, «Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы прописка етилиўи зәрүр болған шахслар – Өзбекстан Республикасы пуқаралары тайпаларының дизими ҳаққында»ғы Нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамлар додаланады.
Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасының Евроазия экономикалық аўқамы менен бирге ислесиўи ҳаққындағы мәселе де көрип шығылады.
Жалпы мәжилисте «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» Мәмлекетлик бағдарламасын 2020-жылдың биринши шерегиндеги орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң, Омбудсман, Есап палатасы, Бас прокурор ҳәм Орайлық банк басқармасы баслығының 2019-жылдағы жумысы ҳаққындағы есапларының тыңланыўы да нәзерде тутылмақта. Жалпы мәжилис күн тәртибине ҳәкимлер тәрепинен қарарлардың қабыл етилиўинде нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўиниң жағдайы бойынша Ҳүкиметке парламентлик сораўнама жибериў мәселеси киргизилген.
Президентимиздиң «Экономиканы раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан жаңалаў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманын тастыйықлаў мәселеси гезектеги мәжилис күн тәртибинен орын алған.
Күн тәртибиндеги мәселелерге таярлықтың барысы бойынша жуўапкер комитетлер баслықларының тийисли мәлимлемелери тыңланды. Сондай-ақ, парламент палаталары Кеңеслериниң «Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларынан пайдаланыў өнимдарлығын буннан былай да арттырыўға байланыслы илажлар ҳаққында»ғы бергеликтеги қарарының орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар да додаланды.
Мәжилисте Кенгаш ағзалары Өзбекстан Республикасының Муқаддес Тахт жанындағы Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы Елшисин де тастыйықлады.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Мәлимлеме хызмети
ӨзА