Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (TIKA) коронавирустың жаңа түри СOVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў шеңберинде Өзбекстанның медицина хызметкерлерине медициналық қорғаныў үскенелерин жеткерип берди.
Түркияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Меҳмет Сүрейя Эр ҳәм «TIKA» Ташкент Бағдарламасының координаторы Жамалеттин Туней қатнасқан қайырқомлық илажында, Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасына «TIKA» тәрепинен жеткерип берилген 5 мың қорғаныў кийимлери, медициналық нықаплар, беттиң қорғаныў қураллары, қолғаплар ҳәм көзәйнеклерден ибарат медициналық үскенелер тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Инновациялық денсаўлықты сақлаў миллий палатасының баслығы Равшан Изамов Өзбекстанға көрсетилип атырған медициналық жәрдем ушын шөлкемлестириўшилерге миннетдаршылық билдирди.
ӨзА