USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 19 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БИЛИМЛЕНДИРИЎ СИСТЕМАСЫНДАҒЫ ЖАҢА ҚОЛАЙЛЫҚЛАР ДОДАЛАНДЫ

Таълим тизимидаги янги қулайликлар муҳокама қилинди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-апрель күни быйылғы оқыў жылын сапалы жуўмақлаў, питкериў ҳәм кириў имтиханларын шөлкемлестириў мәселелерин додалаўға бағышланған мәжилис өткерди.

Пандемия себепли системаға аралықтан технологиялар енгизилип, 10 мыңнан аслам билимлендириў мәкемесиндеги 7 миллион оқыўшы 500 мың студентке онлайн сабақ бериў жолға қойылды. Бул жаңа механизм карантин шараятында пәнлер өз ўақтында өзлестирилиўин тәмийинлеп бермекте.

Енди быйылғы оқыў жылын сапалы жуўмақлаў ўазыйпасы турыпты. Сырт мәмлекетлердиң тәжирийбеси ҳәм бүгинги жағдайдан келип шығып, жоқары оқыў орынларында питкериў имтиханларын онлайн тәризде өткериў режелестирилмекте.

Мәжилисте бул процессти сапалы шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Билимлендириў мәкемелерине ҳүжжетлерди қабыллаўды жетилистирип, аралықтан, онлайн тәризде, интернет арқалы ҳүжжет тапсырыў имканиятын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Бул бағдардағы жаңа тәртип ҳәм абзаллықлар ҳаққында халық толық хабардар етиледи.

Быйыл имтиханларды әпиўайырақ түрде өткериў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимизде Президент мектеплериниң саны 4 ке жетти, 9 дөретиўшилик мектеби өз жумысын алып бармақта. Быйыл және 5 Президент мектеби ҳәм 2 дөретиўшилик мектебин пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Оларды өз мүддетинде қурыў жумысларын системалы шөлкемлестириў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Карантин себепли социаллық аралық түсиниги турмысымыздан әҳмийетли орын ийеледи. Соннан келип шығып, билимлендириў мәкемелеринде, әсиресе, мектеплерде нормаларды қайта көрип шығыў зәрүрлиги атап өтилди.

Пандемияны себеп етип билимлендириў системасын жетилистириў бойынша жумысларды кешиктириўге улыўма ҳаққымыз жоқ, деди Президентимиз.

Жағдайға қарап, оқыў жүклемелерин ҳәм бағдарламаларды қайта көрип шығыў, жоқары оқыў орынларында әмелий көнликпелерди раўажландырыўға итибарды күшейтиў керек екенлиги атап өтилди.

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясына жоқары билимлендириў мәкемелерине реже ҳәм бағдарламаларды жумыс бериўшилердиң талабынан келип шығып еркин тастыйықлаў ўәкиллигин бериў бойынша ўазыйпалар жүкленди. Бағдарламалардың белгиленген талапларға сәйкеслигин қадағалаў механизми де ислеп шығылады.

Зеригерли лекциялар оқыў, конспектлер жаздырыў сыяқлы өзин ақламаған усыллардан ўаз кешип, билимлендириў методикасын раўажландырыў ҳәм педагоглардың дәрежесин арттырыў оғада әҳмийетли мәселе екени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Халық билимлендириў ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрликлерине басқышпа-басқыш аралықтан турып педагоглардың маманлығын арттырыў, сабақлық шынығыўларды аралықтан бақлаў, баҳалаўда инсан факторын азайтыў бойынша жумысларды әмелге асырыў тапсырылды.

Қәбилетли жасларды анықлаў ҳәм оларды кәсипке бағдарлаў системасын жетилистириў зәрүрлигине айрықша итибар қаратылды. Лицейдиң мектептен үлкен парқы болыўы керек екенлиги есапқа алынып, олардың жумысын қайта көрип шығыў, селекция жумысларын күшейтиў мақсетинде билимлендириў процесслерин жетилистириў бойынша ўазыйпалар белгиленди.

Сондай-ақ, жаңа система тийкарында шөлкемлестирилетуғын кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумларды иске қосыў ўазыйпалары анық белгилеп берилген еди. Бул бағдарда ески колледж системасының қәтелери қайталанбаўы зәрүр. Сол себепли, ҳәр бир ўәлаятта биреўден үлги кәсип-өнер мектеплери, колледж ҳәм техникумды таярлаў ўазыйпасы белгиленди.

Жуўапкерлер тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпалардың орынланыўына қаратылған режелер бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА