Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-апрель күни пандемия дәўиринде халықты тийкарғы түрдеги азық-аўқат өнимлери менен кепилликли тәмийинлеў ҳәм баҳаның турақлылығын сақлаў мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисин өткерди. Илаж алдынан 27-апрель түнги ўақытта Бухара, Наўайы, Самарқанд, Қашқадәрья ўәлаятларында жүз берген тәбийғый апатшылық ҳәм оның ақыбетлерин сапластырыў илажларына ҳәм коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти, кең жәмийетшиликке мүрәжат етти. Мәмлекетимиз басшысы, соның ишинде, былай деди:
– Хабарыңыз бар, мен кеше Бухара ўәлаятында болып, жүзеге келген жағдай менен жақыннан таныстым. Бул мәселе бойынша дүзилген Республикалық комиссия ҳәм орынлардағы жуўапкер басшылар менен биргеликте усы аймақларда әмелге асырылатуғын барлық жумысларды толық додалап, тийисли илажларды белгилеп алдық.
Бул ўәлаятларда бир қатар социаллық тараў объектлери, тәбийғый газ ҳәм электр тармақларына, турақ жай имаратлары ҳәм мәдений мийрас объектлерине, сондай-ақ, аўыл хожалығы майданларына үлкен зыян жеткен.
Соны атап өтпекшимен, мәмлекетимиз, ҳүкиметимиз тәрепинен тәбийғый апатшылықтан зыян көрген шөлкем ҳәм хожалықларға, пуқараларға жәрдем бериў бойынша барлық илажлар өз ўақтында әмелге асырылады.
Қайталап айтаман, бирде-бир ўатанласымызды, бирде-бир шаңарақты усы күтилмеген апатшылық қарсысында жалғыз қалдырмаймыз.
Енди эпидемиологиялық жағдай ҳәм пандемияға қарсы гүресиў бойынша жумысларға тоқтасақ.
Бүгинги күнде мәмлекетимиз бойынша усы кеселликке шалынған наўқаслардың 55 процентинен асламы толық саўалғанын айрықша атап өтпекшимен.
Қалған наўқасларды да емлеў бойынша, өзимизде әмелий жәрдем берип атырған 18 қытайлы, германиялы, кореялы врачлар ҳәм телемедицина арқалы басқа да жетекши сырт елли қәнигелер менен бирге ислескен ҳалда, барлық зәрүр илажлар көрилмекте.
Мәмлекетимиз медицина хызметкерлериниң бүгинги күнде кеселликке қарсы алып барып атырған машақатлы ҳәм оғада жуўапкершиликли мийнетин мүнәсип қәдирлеў ҳәм хошаметлеў ушын күни кеше және бир әҳмийетли қарарға қол қойдым. Оған бола, санитариялық-эпидемиологиялық хызметтиң дерлик 11 мыңға шамалас барлық категориядағы медицина хызметкерлериниң мийнет ҳақысы 2,5 есеге арттырылды.
Улыўма етип айтқанда, карантин қағыйдаларын өз ўақтында енгизгенимиз ҳәм халқымыз оған сабыр-қанаат пенен әмел етип атырғаны себепли көплеген район ҳәм қалаларда инфекцияның тарқалыўына жол қоймадық.
Қәдирли ўатанласлар!
Усы жерде кеўлимдеги бир пикирди жәмийетшилигимизге, халқымызға ашық айтпақшыман.
Мине. бир ярым айдан асты, елимиз «Үйде қалың» деген шақырыққа әмел етип, жоқары мәртлик көрсетип, жалпы карантин шараятында жасамақта. Әлбетте, шаңарағым, бала-шағам, деп тынып-тыншымайтуғын, күни-түни күш-ғайрат пенен мийнет ететуғын халқымыз ушын бундай мәжбүрий жағдай, аңсат болып атырған жоқ.
Ўатанласларымыз аўыр сынақ күнлеринде ҳақыйқый сабыр-қанаат ҳәм жуўапкершилик, мийрим-шәпәәт пазыйлетлерин көрсетип атыр. Оны дүнья жәмийетшилиги де тән алып, ҳәр тәреплеме атап өтпекте.
Пурсаттан пайдаланып, пандемияға қарсы гүресиўдиң алдынғы қатарларында ҳақыйқый қаҳарманлық көрсетип атырған барлық шыпакерлеримиз, соның ишинде, қыстаўлы жәрдем хызметиниң хызметкерлери ҳәм айдаўшыларына айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Бул процессте өзин аямай хызмет етип атырған ҳуқық-қорғаў уйымларының хызметкерлерине, мәрт әскерлеримизге, министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлердиң басшылары ҳәм хызметкерлерине, ҳүрметли нураныйларымыз ҳәм мәҳәлле белсендилерине, сақый исбилерменлеримизге, шаңарақларымыз, муғаллим ҳәм оқытыўшылар, дөретиўши зыялыларымыз, имам-хатиблеримизге шын кеўилден рахмет айтаман.
Ҳәзирги қыйын шараятта өзиниң профессионаллық миннетин ҳүжданы менен орынлап атырған ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерине, инсаныйлық үлгисин көрсетип, өз қәлеўи менен волонтёрлық ҳәрекетинде қатнасып атырған пидайы жасларымызға өз атымнан, халқымыз атынан үлкен миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли дослар!
Республикамызда санитариялық-эпидемиологиялық жағдай әсте-ақырын турақласып атырғанын есапқа алып, қәнигелер менен мәсләҳәтлескен ҳалда, карантиннен басқышпа-басқыш шығыў бойынша гезектеги қәдемлерди қойыў ўақты келди.
Себеби өмир даўам етпекте. Биз ертеңги күн ҳаққында елимиздиң келешеги ҳаққында ҳәр минутта ойлаўымыз керек.
Бириншиден, санитариялық-эпидемиологиялық жағдайдың унамлы динамикасы, ҳаўа-райы шараяты ҳәм пуқаралардың көплеген мүрәжатларын есапқа алған ҳалда, қала ҳәм районлардағы көп қабатлы турақ жайлардың ишки ҳәўли ҳәм аймақларында ата-аналардың қараўында балаларды сейли етиўге рухсат бериў керек. Онда қәўипсизлик илажларына қатаң әмел етиў талап етиледи.
Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия усы тапсырманың орынланыўын сөзсиз тәмийинлеў илажларын көрсин.
Ташкент қаласы бул бағдарда үлги болыўы керек.
Екиншиден, писип жетилген аўыл хожалығы өнимлери набыт болыўының алдын алыў мақсетинде халықтың талапларынан келип шығып, фермер ҳәм дийқанларымыз тәрепинен жетистирилген мийўе-овощ, палыз ҳәм аўқатлық көк шөп өнимлерин орынларға жеткериў ҳәм сатыў ушын ўәлаятлараралық ҳәм қалалараралық қатнаўларды әмелге асырыўға рухсат бериў керек.
Мысал ушын, алдын Ферғана ойпатынан Қамшық өткели арқалы пайтахтымыз ҳәм басқа да ўәлаятларға үлкен көлемде аўыл хожалығы өнимлери жеткерип берилетуғын еди. Ҳәзир бул жол жаўып қойылған. Ямаса Самарқанд ўәлаятынан Қарақалпақстан Республикасы, Зарафшан қаласы ҳәм басқа да аймақларға көплеген өнимлер алып барылатуғын еди. Бул жумыслар да ҳәзир тоқтап турыпты. Соның ушын Бас прокурордың басшылығында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў комиссиясына аўыл хожалығы өнимлерин орынларға жеткерип бериў бойынша 24 саат жумыс ислейтуғын үзликсиз система шөлкемлестириў тапсырылады.
Ишки ислер министрлиги дийқан ҳәм фермер хожалықларының автотранспорт қуралларын аймақлараралық постларда күтип алыў, оларды шөлкемлестирилген ярмаркалар ҳәм саўда орынларына тәртип пенен бақлап барыўды тәмийинлесин.
Мәмлекетлик салық комитети, Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги сатыў ушын алып келинип атырған аўыл хожалығы өнимлерин орынларда халықтың талапларынан келип шыққан ҳалда, саўда майданшалары, ярмарка ҳәм базарларға бағдарлап барсын.
Үшиншиден, халық арасында кеселликке шалыныў динамикасы төменлеп атырғанын есапқа алып, пуқараларымыз тәрепинен жеке меншик автотранспорттан пайдаланыўға шеклеўлерди де әсте-ақырын жумсартыў мақсетке муўапық деп есаплайман.
Республикалық комиссия тийисли шеклеўлер орнатылған аймақларда халық тәрепинен азанғы саат 7:00 тен 10:00 ге шекем ҳәм кешки 17:00 ден 20:00 ге шекем жеке меншик автомашиналардан пайдаланыўға рухсат берилиўин тәмийинлесин.
Онда:
жеке меншик автотранспорттан, биринши гезекте, пуқараларымыздың жумыс орнына, медицина мәкемелерине барыў ҳәм үйге қайтыўы, тутыныў өнимлерин, дәри-дәрмақ ҳәм медициналық буйымларды сатып алыўы ушын пайдаланыўы;
арнаўлы рухсатнамаларға (стикерлерге) ийе ҳәм жеткерип бериў хызметин көрсетип атырған пуқаралар болса жеке меншик автотранспортта ҳеш қандай шеклеўсиз ҳәрекетлениўи мүмкин екенлиги белгиленсин.
Соның менен бирге. ҳүрметли илимпазларымызға, илимий-изертлеў институтларының хызметкерлерине, профессор-оқытыўшыларымызға санитариялық-гигиеналық нормаларды тәмийинлеген ҳалда өз лаборатория ҳәм кафедраларында күнделикли жумысларын даўам еттириўине рухсат бериў мақсетке муўапық болар еди. Олар илимий ҳәм оқыў процесслерин шөлкемлестириўге әсте-ақырын таярлық көрип барыўына ўақыт бериўимиз керек, деп ойлайман.
Әлбетте, жағдайымыз жақсыланып, унамлы тәрепке өзгерип барыўы менен, 10-майдан кейин биз карантин режимин басқышпа-басқыш жумсартыўға қаратылған жумысларымызды және де исенимлирек даўам еттиремиз.
Бирақ қайта-қайта айтаман: ҳәмме орында санитария талапларына әмел етиўге биринши дәрежели мәселе деп қараўымыз керек.
Мәмлекетимиз пандемияға қарсы гүресиў бағдарында өткен ўақыт даўамында әҳмийетли тәжирийбе арттырылды. Енди оннан жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларға қатаң әмел етиў ҳәм медициналық мәдениятты арттырыў жолында нәтийжели пайдаланыўымыз зәрүр.
Егер бул талапларға бәршемиз қатаң әмел етпесек, санитариялық-карантин нормаларына әҳмийет бермесек, сонша ислеген жумысларымыз, көрген илажларымыз зая кетиўи ҳеш гәп емеслигин атап өтемен.
Ең тийкарғысы ҳәр биримиздиң денсаўлығымыз өзимизге ҳәм, ҳәзирги ўақытта, пүткил халқымыздың денсаўлығы ҳәр биримизге, бизиң сана-сезимимиз, тәртип-қағыйда ҳәм сабыр-қанаатымызға байланыслы екенин ҳәммемиз ҳеш қашан умытпаўымыз керек.
Ҳүрметли селектор қатнасыўшылары!
20-апрельдеги мәжилисте вирустан жырақ район ҳәм қалаларда карантин қағыйдаларына қатаң әмел еткен ҳалда, кәрханалардың жумысын тиклеў бойынша тапсырма берилген еди.
Онда, және бир мәрте қайталап айтаман, асықпай, пуқта ойлап, карантин қағыйдаларына толық әмел етилетуғын кәрханалардың жумысын тиклеў керек.
Бул бағдарда Наманган ўәлаятында жумысын тоқтатқан яки төмен қуўатлылықта жумыс ислеп атырған 10 мыңнан аслам кәрханадан 2 мың 854 ниң жумысын тиклеў бойынша қарар қабыл етилген. Және 851 ниң жумыс ислеўине рухсат бериў мәселеси үйренилмекте.
Хорезм ўәлаятында 3 мың 350 жумыс ислемей атырған кәрханадан 448 ниң жумысы тикленеди, 409 ы бойынша үйрениў өткерилмекте.
Жиззақ ўәлаятында жумыс қуўатлылығын төменлеткен 6 мыңнан аслам кәрханадан 534 ниң жумысын тиклеў бойынша қарар қабыл етилген, 332 сине рухсат бериў мәселеси көрип шығылмақта.
Ташкент ўәлаятында жумыс көлеми кескин төменлеп кеткен 14 мың кәрханадан 5 мың 399 ның жумысын тиклеў бойынша қарар қабыл етилген, 2 мың 833 и бойынша үйрениў даўам етпекте.
Ҳәкимлер ҳәм сектор басшылары өз есабатында кәрханалардың жумысын тиклеў бойынша жумысларды қалай шөлкемлестирилгенин және оларда карантин қағыйдалары толық орынланыўын жеке кепилликке алыўы ҳаққында мәлимлеме бериўи керек.
ӨзА